2018-жылы 12-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында Филология факультети (қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, өзбек тили ҳәм әдебияты, қазақ тили ҳәм әдебияты, түркмен тили ҳәм әдебияты қәнигеликлери) студентлери арасында қырғыз халқының аты дүньяға белгили атақлы жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың туўылған күни ҳәм 90 жыллығы мүнәсибети менен «Ш.Айтматов шығармаларының билимданы» атамасында таңлаў болып өтти.

Таңлаўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашып берди. Ол өз сөзинде Ш.Айтматовтың жәҳән әдебиятына қосқан үлеси ҳаққында айта келип, студентлер арасында китапқумарлықты ен жайдырыў мақсетинде өткерилип атырған бул таңлаўдың әҳмийетине тоқтап өтти.

Таңлаў «Ш.Айтматов шығармалары бойынша жумбақ дүзиў», «Ш.Айтматовқа арналған қосықлар жарысы», «Ш.Айтматовтың өмири бойынша сахналық көринис» шәртлери бойынша өткерилди. Қатнасыўшылар ҳәр бир шәрт бойынша күшли таярлығы, билимданлығы, шаққанлығы, зийреклиги, ең баслысы, Ш.Айтматовтың шығармаларына болған ықласы, қызығыўшылығы менен жыйналғанлардың қоллап-қуўатлаўына сазаўар болды.

Таңлаў жуўмағында Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң студентлеринен дүзилген команда 86 балл топлап биринши, Өзбек тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 84 балл менен екинши, Қазақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 73 балл топлап үшинши орынларды ийеледи.

«Ең жақсы дүзилген жумбақ» номинациясына Қазақ тили ҳәм әдебияты, «Ең жақсы арнаў қосығы» номинациясына Өзбек тили ҳәм әдебияты, «Ең жақсы сахналық көринис» номинациясына Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң командалары ылайық деп табылды.

«Таңлаўдың ең белсенди қатнасыўшысы» номинациясын Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 3-курс студенти, жас шайыр А.Дарменов жеңип алды.

Солай етип, студент-жаслардың китап оқыўға, Ш.Айтматовтың шығармаларына болған қызығыўшылығын еле де арттырыў мақсетинде Қарақалпақ әдебияты кафедрасы ҳәм «Зийўар» әдебий дөгереги тәрепинен шөлкемлестирилген бул таңлаў жүдә қызықлы ҳәм тәсирли өтти.

 

Пердеғалий Дабылов,

Филология факультети деканының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары.