Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети хабар бермекте.

 

Республикадағы жоқары оқыў орынларының бакалавриатына 2018-2019-оқыў жылы қабыллаўында кириў сынақлары нәтийжесине бола жетерли балл топламаған ҳәм еселенген төлемли контракт тийкарында (халық тилинде «супер контракт») оқыў нийетин билдирген абитуриентлер ушын;

 

2018-2019-оқыў жылында республикадағы жоқары оқыў орынларының бакалавриат ҳәм магистратурасына усыныс етилген сырт елли пуқаралар ушын;

 

2018-2019-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының екинши ҳәм оннан жоқары курсында оқып атырған студентлер ушын белгиленген төлемли контракт муғдарының биринши ярымын төлеў мүддети усы жылдың 31-декабри (сол күни қосылған ҳалда) етип белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.