Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў бойынша фонд өз жумысын баслады, деп жазады «Халқ сўзи».

Фондтың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

– Аўыллық жерлерде турақлы жумыс орынларын шөлкемлестиретуғын исбилерменлик субъектлерин кредитлер менен қоллап-қуўатлаў ушын коммерциялық банклерде кредит линияларын ашыў;

– Жумысшы күши көп болған аймақларда мәмлекетлик-жеке шериклик шәртлери тийкарында, әсиресе, халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж қатламлары ушын жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутыўшы кәрханаларды шөлкемлестириў, бунда фондтың шөлкемлестирилген кәрханалардағы үлесин жеке меншик шериклерге кейин ала реализациялаў шәртин нәзерде тутыў;

– Жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге бағдарланған басқа илажларды әмелге асырыў.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги