Қарақалпақстан Республикасында «Қаракөлшиликти раўажландырыў» фондын шөлкемлестириў мақсетинде АКБ «Халқ банки»ниң Қарақалпақстан Республикалық филиалында «Қаракөл» ассоциациясының арнаўлы есап бети ашылды, деп жазады Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети.

«Қаракөлшиликти раўажландырыў» фондына жергиликли бюджеттен 2 миллиард сум қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Шөлкемлестирилип атырған фондтың қаржыларын қаракөлшиликте нәсилшилик жумысларын жетилистириў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм ҳасыл туқымлы қаракөл қойларын сатып алыў ушын 3 жыл мүддетке 3 процентли жеңиллетилген жыллық ставка бойынша кредит линиялары формасында бағдарлаў белгилеп қойылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги