Қарақалпақстанда руўхый жақтан кесел болған күйеўи уйқылап жатырған ҳаялын балта менен шаўып таслаған. Сенат баслығы буның ушын Денсаўлықты сақлаў министрлигин айыплады, деп жазады Daryo Live.

Төрткүл районында жасайтуғын пуқара Ниязымбетов усы жылдың 26-март күни уйқыдағы өмирлик жолдасы Айбийби Ниязымбетованың ҳеш бир себепсиз басына балта менен урып, оны қастан өлтирди. Бул – Қарақалпақстанда быйыл жүз берген усындай ўақыяның екиншиси, деп жазылған хабарда. Сенат баслығы Н.Йўлдошев бул жынаяттың жүз бергенлиги ушын Денсаўлықты сақлаў министрлиги айыплы екенлигин билдирмекте.

Президенттиң 2018-жыл 16-марттағы қарары менен халыққа психатриялық жәрдем көрсетиў системасын және де жетилистириўге байланыслы биринши гезектеги илажлар бағдарламасы тастыйықланғанына қарамастан, орынларда руўхый жағдайы бузылған шахсларды анықлаў ҳәм оларға өз ўақтында сапалы медициналық жәрдем көрсетиў жумыслары төмен дәрежеде алып барылмақта. Тийисли шаралар көриў бойынша Сенат тәрепинен ҳүкиметке, соның ишинде, Денсаўлықты сақлаў министрлигине жиберилген усыныслар итибарсыз қалмақта.

«Ақыбетте руўхый жағдайында бузылыў болған шахслар тәрепинен аянышлы жынаятлар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылы республика бойынша денсаўлықты сақлаў мәкемелери есабында турған 33 руўхый жақтан наўқаслар тәрепинен қастан адам өлтириў, қастан денеге аўыр зыян жеткериў, намысқа тийиў, урлық, тәртип бузыўшылық ҳәм басқа жынаятлар әмелге асырылды», – дейди Сенат баслығы.

Мәселен, Қарақалпақстанда руўхый жақтан кесел болғанларды мәжбүрий емлеў мәкемеси жоқ. Ниғматилла Йўлдошевтиң билдириўинше, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги «ҳеш болмағанда Нөкистеги 340 орынлық руўхый кеселлерди ықтыярлы емлеў мәкемеси қурамында усындай наўқасларды мәжбүрий емлеўге қәнигелескен бөлим шөлкемлестирип, усы сыяқлы аянышлы ақыбетлердиң алдын алса болар еди».

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги