Халықты ҳәм социаллық объектлерди ишимлик суўы, газ, электр энергиясы, көмир менен үзликсиз тәмийинлеў, бул бағдарда анықланған кемшиликлерди оператив сапластырыў илажларын көриў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде усы жыл 5-декабрьден баслап штаб шөлкемлестирилип, сутка даўамында үзликсиз ислеўши исеним телефонының (861-222-48-40) хызмети жолға қойылды.

 Қыс мәўсими бойынша дүзилген штабта Үй-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, «Қарақалпақстан газ» аймақлық газ тәмийнаты филиалы, «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети, «Түйемойын-Нөкис» регионлар аралық суў тармақларынан пайдаланыў басқармасы, «Коммуналлық ыссылық орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм басқа да коммуналлық хызмет көрсетиў мәкемелериниң жуўаплы хызметкерлеринен ибарат нәўбетшилик шөлкемлестирилди. Нәўбетшилер тәрепинен исеним телефонына келип түскен ҳәр қандай мүрәжат оператив түрде тийисли хызмет көрсетиў (ишимлик суўы, газ, электр энергиясы, көмир) кәрханаларына хабар берилип, оның шешими қатаң қадағалаўға алынады. Бунда ҳәр бир мүрәжат келип түскеннен баслап, толық сапластырылғанға шекем арнаўлы журналға жазып барылады.

Социаллық тараў басшыларына өзлери басшылық етип атырған мәкемелердиң ишимлик суўы, газ, электр энергиясы, көмир менен тәмийинлениў жағдайын турақлы түрде мониторинг етип барыў, ушырасқан ҳәр бир машқаланы қыс мәўсими бойынша республикалық штабқа додалаўға киргизген ҳалда оларды шешиў илажларын көриў тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, бул жердеги исеним телефонына бүгинги күнге 200 ден аслам мүражат келип түскен. Олар тийкарынан соңғы күнлери ҳаўа райының бираз суўып кетиўи нәтийжесинде газ басымының төменлеп кетиўи, ишимлик суўы трубаларының жарылыўы, электр энергиясының үзилиске түсиўи сыяқлы машқалалардан ибарат. Пуқаралардан келип түскен бул мүрәжатлар тийисли тараў қәнигелерине жеткерилип, шешими бойынша илажлар көрилди.

Сондай-ақ, барлық қала ҳәм район ҳәкимликлеринде қыс мәўсими бойынша штаблар шөлкемлестирилип, халықтан ҳәм социаллық объектлерде жүзеге келген машқалалар ҳаққында оператив мағлыўматлар алыў мақсетинде коммуналлық хызмет көрсетиў кәрханаларының жуўаплы хызметкерлеринен ибарат күни-түни жумыс алып баратуғын  нәўбетшилик шөлкемлестирилип, сутка даўамында үзликсиз ислейтуғын исеним телефонлары орнатылды.

-Штабқа орнатылған исеним телефонына өткен күнлер даўамында 12 мүрәжат келип түсти ҳәм барлығы унамлы шешимин тапты,-дейди Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң бас қәнигеси Сардар Камалов.-Мәселен, райондағы «Қылышбай» аўыл пуқаралар жыйынының турғыны Гүлчеҳра Илиева газ баллонын толтырыўда әмелий жәрдем бериўимизди сорап мүрәжат етти. Оның бул мүрәжаты «Қарақалпақстан газ» аймақлық газ тәмийнаты филиалы Беруний районлар аралық газ тәмийнаты 6-санлы участкасы Әмиўдәрья районлық аймағындағы шақапшасы қәнигелери тәрепинен үйренип шығылып, тийисли жәрдем көрсетилди.

Сондай-ақ, райондағы «Қылышбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Ҳайтгүл Айтекова көмирди қай жерден алыў кереклиги жөнинде исеним телефоны арқалы мүрәжат етти. Оған тийисли қәнигелер тәрепинен қай жерге мүрәжат етиў кереклиги түсиндирилди ҳәм жергиликли аўыл пуқаралар жыйыны тәрепинен жәрдем берилди.

Орынларда көрилип атырған бул илажлар халқымызға, соның менен бирге социаллық тараў объектлерине көрсетилип атырған коммуналлық хызметтиң сапасын буннан былай да жақсылаў, солай етип, қыс мәўсимин шығынсыз өткериўге хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.