9-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Хожели районындағы 1-санлы меҳрибанлық үйинде тәрбияланып атырған балалардың жағдайынан хабар алып, қайырқомлық илаж шөлкемлестирди.

 

Илажда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Кадрлар бас басқармасының баслығы Рустам Хатамов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри Айтбай Темирханов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, балаларды байрам менен қутлықлады ҳәм оның әҳмийетине тоқтап өтти. Шөлкемлестириўшилер балаларға жаратылған шараятлар менен танысып, оларға саўғалар инәм етти.

– Байрам күнлеринде көплеген мекеме-шөлкемлерден, уйымлардан балалардан хабар алып, олардың кеўиллерин шад еткени халқымызға тән мийрим-шәпәәттиң, қайырқомлықтың үлгиси болып табылады, – дейди Хожели районы 1-санлы Меҳрибанлық үйи директорының орынбасары М.Қарлыбаев. – Бул илаж олардың Конституциямыз ҳаққындағы түсиниклерин және де байытыўда, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери мәмлекет тәрепинен кепилленгенин тереңирек түсиниўде әҳмийетли болды.

Илаж балалардың қонцерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги