Көпшилигимиз азанғы ҳалқасқа йогурт, кофе ямаса апельсинли сок ишкенди дурыс деп ойлаймыз. Бирақ биз күнделикли ишип-жеп жүрген тағамлардың айырымлары аш қарынға қабыллаўға болмайтуғынын билемиз бе?  Бул бойынша NUR.KZ  да бир қатар мағлыўматлар келтирген.

Тез тайынланатуғын сәҳәрлик аўқатлар – мәкке кашасы

Тап усы затларды таптыра бермейтуғын азанғы тағам ретинде көп реклама ететуғын болса да, тәбийғый аўқатқа не жетсин. Мәкке углеводородқа бай болғаны менен, азанда қант муғдарын бирден көтереди. Нәтийжеде бираз ўақыттан соң аш боласыз.

 Кофе

Азанда кофе ишиў – жаман әдет. Аш қарынға кофе ишиў асқазанда гастрит пайда болыўына алып келеди.

 Дәм бериўшилер

 Ашшы дәм бериўшилер менен дузлы қосымшалар азандағы кофе сыяқлы тәсир етеди. Олар қарыннан суўықлып ислеп шығарады, нәтийжеде асқазан-ишек кеселликлерине алып келиўи мүмкин.

Қурамында қант бар тағамлар

Азан менен мазалы жеген адамның кейпиятын көтереди деп ойламаў керек. Керисинше, олар ең күни бойы ериншек болыўға себеп болады. Аш қарынға түскен қант уйқы безин қоздырады, нәтийжеде адамдағы қант муғдары төменлеп, кейпияттың түсиўине алып келеди.

Салқын ямаса газли ишимликлер

 Салқын ҳәм газли ишимликлер ишек қабығының исиниўине алып келеди, қан айланысын бузып, ас сиңириўди төменлетеди. Сонлықтан азан менен шөллегенлер қайнаған суў ишкени мақул.

 Йогурт ҳәм сүт -қатықлар

 Йогурт – азанға ас таярлаўға еринетуғынлар менен ўақты жоқлардың сүйкимли тағамы. Бирақ оның адам ағзасына пайдасы да, зыяны да жоқ. Аш қарынға түскен йогурт калория жыйнаўға ғана жәрдем береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги