OSIRIS-REх зонды Қуяш системасындағы ең қәўипли астероид есапланатуғын «Бенну»да суў излерин анықланды, делинеди НАСА хабарында.

НАСА космослық пәрўазлар орайының қәнигеси Эми Саймонның атап өтиўинше, жаңа ашылыў планеталардың бирлемши химиялық ҳәм изотоп қурамын үйрениўге жәрдем береди. Астероидтан алынған үлгилер жерге алып келингеннен соң, илимпазлар қуяш системасының дәслепки раўажланыў басқышы ҳаққында бийбаҳа мағлыўматлар алыўы мүмкин.

«Бенну» тәризи бойынша «Рюго» астероидына уқсайды. Жақын алты ай ишинде OSIRIS-REх  астероид қәддиниң картасын дүзеди. Карта тийкарында илимпазлар оның қай жеринен 60 грамм әтирапында үлги алыўды анықлайды.

Агентликтиң режеси бойынша, зонд 2019-жылдың биринши ярымында астероидтан үлги алыўы керек. Егер процесс табыслы әмелге асса, қуяш системасының бирлемши материалы салынған капсула жерге жибериледи. Миссия қатнасыўшыларының шамалаўы бойынша жөнетпе 2023-жылдың сентябрь айында планетамызға жетип келеди. Саймонның қосымша етиўинше, зонд Беннуге жақынласып-ақ, дәслепки ашылыўды әмелге асырған. Яғный оның спектометри астероид қәддинен суў элементлери көп болған ылай сыяқлы минераллардың резервлерин анықлаған.

 

Малоҳат ҲУСАНОВА, ӨзА