Өткен жылы жазда ҳәм усы жылдың ерте бәҳәринде пайдасыз деп шығындыға тасланған затлардан өним ислеп шығарып, миллионлап пайда көрип атырған заманласымыз көпшиликке таныс исбилермен Рашид Қартбаев туўралы дүрким мақалалар жәрияланған еди.

Онда оның киши районлардағы жайлардың астына түсип қалайынша тазалағаны, кеселлик тарқатып атырған шыбын-ширкейлерге қарсы қалай гүрескени, халық арасында тазалықты сақлаў бағдарында әмелге асырған үгит-нәсият илажлары, кәрханасында труба өнимлерин ҳәм оларды ислеп шығарыўдан шыққан шығындыларды да тасламай, оннан полимер шифер, брусчатка ислеп шығара баслағаны, тасланды кийим, таўарлардан дийўал ушын суйық обои, тасланды сүйеклерден сүйек уны өнимлерин шығара баслағаны, оның кәрханасы пайтахтымыздың шетиндеги қумда жайласқан болса да, қум үстине қаўын, пахта, палаўқабақ сыяқлы егинлерди, ҳәтте, гүжим де еккенин айтқан едик.

Қәнигелиги биолог болған Р.Қартбаев усы жыл бәҳәр айларында өзиниң балалығы өткен «Назархан» АПЖ да жасайтуғын, үйиниң иши менен Россия, Қазақстан сыяқлы шет еллерде ислеп пул таўып атырған адамларға бос жатырған жеринен  пайдаланып-ақ, миллионлап пайда көриў мүмкин екенин түсиндириўге ҳәрекет еткен еди.

Ол 7 сотых жери бар бир адам менен келисип, оның жеринен 70 тонна ғарбыз аламан, деп айтқан еди.

Жақында, оның усы режеси қалай орынланғанын билиў мақсетинде барғанымызда, ол буннан басқа да бир қатар жаңалықларды ойлап таўып әмелге асырып атырғанлығының гүўасы болдық.

Ол Россиядан 4 дана газ толтыратуғын резина қалта сатып алып, биогаз жетистирип, жайларын автоном түрде жылытыўға ҳәрекет етип атырған екен. Сондай-ақ, Вишенка сортлы замаррық жетистириўди жолға қойыпты.

– Мен, 2003-2007-жылларда өсимликлердиң азықлығын таярлаў, 2007-2018-жылларда топырақтың өнимдарлығын көтериў, дийқаншылықта суўды тежеў жолы менен дийқаншылық ислеў бағдарында изленип көплеген тәжирийбе өткердим,-дейди Р.Қартбаев. – Мен оны өзимше Кегейлише усыл, деп атап атырман.

Бул усылда егилген егинге жумсалған суў, егинниң тамыры әтирапында фильтрленип, топыраққа жайылмайды ҳәм топырақ қатламларындағы фильтр суўлардың да егинге унамсыз тәсири тиймейди. Бул усылда қәлеген пуқара өз қыйтақ жеринде дийқаншылық етиўи мүмкин.

Мәселен, усы усылда суўғарғанда ҳәр бир түп қаўынға күнине 4 литрден, мәўсимниң ақырына шекем жәми 400 литр суў жумсалады. Бундай усылдағы дийқаншылықта ҳәр бир 400 литр суўды 120 килограмм мийўе-палыз өнимине айландырыўымыз мүмкин. Ҳәзирги ўақытта бул усылдың қәнигелер тәрепинен үйренилип, турмысқа енгизилиўи бойынша ҳәрекет етип атырман.

Жети тонна ғарбызға келетуғын болсақ, өлшеп көрмедик, бирақ дийдилеген өнимди алдық, деп ойлайман.

Енди  биогаз жетистириў пикири қалай ойыма келгенин айтып өтсем.

Бул туўралы алдын да ойлайтуғын едим. Ҳәр қыйлы малдың қыйларынан биогаз алыў бойынша ҳәрекет етип, келистире алмай жүрген едим. Асқазанында өт қалтасы жоқ бир апай менен сөйлесип, өт қалтаның функциясын атқаратуғын дәри жейтуғынын билдим. Солай етип, биогаз алыў ушын таярлаған араласпама маллардың өтин салып көрдим ҳәм биогаз алыўға еристим.

Ҳәзир биогаз таярлаў ушын 3 цистерна, 4 газ толтыратуғын арнаўлы резина қалта сатып алдым. Солардың биреўин иске түсирип, ҳәзирги ўақытта жумысшылардың жайларын жылытыў ушын биогаз алып атырман.

Ал, замаррық жетистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы айтатуғын болсам, бул пикир менде бир ярым жылдай бурын пайда болған еди.

Яғный, бир танысымнан Россиялы еки жигиттиң пахта шелухасын сатып алып кете алмай жүргенин еситтим. Неге керек екен, деп сорасам, олар пахта шелухасына замаррық егеди екен. Басқа усылда да егиўге болады, бирақ, усы усылда егилсе өнимдарлығы жоқары болады екен.

Жақында, иним кәрханамызға қоңсы жайласқан имаратты, темир жыйнайтуғын мәкеме ашыў ушын сатып алған еди. Оның жер асты подвалы бос турғаны ушын пайдаланыўды ойлап, жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде аўылдан 4 жас жигитти алып келип, егип көрдик. Жақсы шықты.

Ҳәзирги ўақытта шама менен 170 квадрат метрлик кишкене майданның бир шетине 700 қалта замаррық ектик. Және 3000 қалта екпекшимиз. Ҳәр бир қалтаға 20 мың сум әтирапында қәрежет кетеди екен. Бирақ, ҳәр биринен 8 килограммға шекем замаррық жетистириледи. Оның ҳәр бир килосын Ташкенттеги ресторанлар 17 мың сумнан «таласып сатып алады», деп айтсақ та болады.

Туқымын Ташкеттен сатып алып атырмыз. Жақында, Olx.uz сайтына реклама берген едик, клиентлердиң қоңыраўынан телефонларымыз тынбай атыр.

«Вишенка» замарығының пайдалы жери – ол оға да тойымлы, мазалы. Әсиресе, Россиядағы мектеп оқыўшылары, усы замаррықтан исленген пирожкиди жақсы көреди екен. Және бир айта кететуғын нәрсе бар, ол да болса бул замаррық бир, бир ярым айда жетилиседи екен. Белгили бир температураға ийе имаратта жыл даўамында үзликсиз түрде егип алыўымызға болады. Дерлик, ҳеш қандай шығын шықпайды, ал пайдасы көп.

Бул жумыста ислеп атырған балалар пайданың бәрин өзлери алады. Мениң пайдама келетуғын болсақ, олардың жумыс үйренгени ҳәм басқаларға да келешекте үйретеди, деп исениўим.

Бул да аз шығын жумсап, көп пайда алыўдың жолы.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.