Ташкент қаласында жаңа жыл байрамының бас аршасы Ғәрезсизлик үлкен көшесиниң Жаслар дөретиўшилик сарайы жанындағы ашық майданға орнатылды.

ӨзАның хабар бериўинше, бас аршаның узынлығы 35 метр болып, оның қасында 8 метрлик 4 дана арша да орнатылады. Майданның өзи болса байрам иллюминациялары менен безетиледи. Ол жерде, сондай-ақ, балалар ушын атракционлар ҳәм ойыншықлар саўда орынлары орнатылады.

Ҳәзирги ўақытта бас аршаны жаңа жылға таярлаў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги