Бурын хабар бергенимиздей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жақында болып өткен мәжилисинде «2019-жылғы бюджет-салық сиясаты Концепциясы ҳәм 2020-2021-жылларға прогноз мөлшерлериниң қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбары қызғын додаланып, сын көзқарастан көрип шығылған еди.

2019-жылғы бюджет ҳәм салық сиясатының тийкарғы бағдарларының Концепциясына муўапық ислеп шығылған бул жойбар парламент төменги палатасының комитетлери, фракцияларында болып өткен додалаўларда да, жалпы мәжилисте де депутатлардың бир қатар сораўлары менен наразалықларын келтирип шығарған еди.

Додалаўлардың жуўмағына муўапық, бул жойбар бойынша жуўапкер болған Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетине Ҳүкимет ўәкиллери, тийисли министрлик ҳәм уйымлардың қәнигелерин тартып, депутатлар көтерген мәселелердиң шешимин табыў тапсырылған еди.

2018-жыл 11-декабрь күни болса парламент төменги палатасының гезектеги мәжилисинде усы нызам жойбары қайта көрип шығылды.

Жуўапкер комитеттиң нызам жойбары үстинде алып барған жумыслары бойынша мәлимлеме тыңланды.

Бәринен бурын, Ҳүкимет тәрепинен киргизилген нызам жойбарының атамасы оның мазмунына сәйкеслестирилди, яғный «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2019-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларының қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы деп өзгертилди.

Нызам жойбарында Салық кодексиниң 22-статьясында салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлегеннен кейин жеке меншик кәрхана мүлк ийеси, шаңарақлық кәрхана қатнасыўшысы және фермер хожалығы ықтыярында қалатуғын дәраматларынан алынатуғын дивидентлерден салық услаўды бийкар етиў усыныс етилген еди.

Қызғын додалаўлардан соң жумысшы топар тәрепинен бул мәселе және де терең талланып, исбилерменликке айрықша итибар қаратылыўы инабатқа алынған ҳалда, әмелдеги тәртип сақлап қалынды. Яғный, көрсетип өтилген субъектлердиң дивидентине салық салыўды нәзерде тутатуғын норма алып тасланды.

Усы кодекстиң 681-статьясы – «Салық төлеўшилерди паспортластырыў» бойынша депутатлар менен қәнигелердиң узақ додалаўларынан соң, салық төлеўшилердиң мәплерин есапқа алып, усы статья әпиўайыластырылды. Паспортластырыў процесиниң дәўири белгилеп қойылды, яғный, оны ҳәр жылы емес, ал үш жылда бир мәрте өткериў белгиленди. Сондай-ақ, салық төлеўшилерди паспортластырыў нәтийжесинде дүзилген дәлалатнама салықлар менен басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплаўға тийкар болыўына байланыслы норма, сондай-ақ, бул процесске ҳуқықты қорғаў уйымларын тартыўға байланыслы норма шығарып тасланды. Додалаўларда жумысшы топар тәрепинен айрықша атап өтилиўинше, паспортластырыў процеси исбилерменлердиң финанслық-хожалық жумысына араласыўларды нәзерде тутпайды.

Бул кодексте белгиленип атырған «Атамалы экспересс үйрениўлер», «Хронометраж көзден өткериў», қадағалаў өткериў, тексериў сыяқлы салық қадағалаўының түрлери қайта көрип шығылып, және де жетилистирилди. Олардың анық субъектлери көрсетип өтилди ҳәм Кодекстиң тиккелей әмел етиў үстинлиги тәмийинленди.

Жеке тәртиптеги исбилерменлердиң жумысын тамамлаў менен байланыслы жуўмақлаўшы тексериў тек бирден-бир салық төлемин төлеўшиси – жеке тәртиптеги исбилерменге қолланылатуғыны анық көрсетип өтилди. Бул болса, өз гезегинде, салық уйымлары алдында турған ўазыйпа-салық түсимлериниң толықлығын тәмийинлеўге қаратылады.

Бюджет кодексиниң 71-статьясында Жергиликли атқарыў ҳәкимиятларының еркинлигин буннан былай да арттырыў. Олардың структурасын жетилистириў, хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўда оларға жүкленетуғын ўазыйпалар, жуўапкершилик көлемине сай түрде материаллық хошаметлеў тәртибин еркин белгилеў мақсетинде жергиликли бюджетлерден қаржыландырыў нәзерде тутылған еди. Солар қатарында нызам жойбарында Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы қарамағындағы аймақлық бөлимлер ҳәм унитар кәрханалардың қәрежетлерин аймақлардың бюджетлери есабынан қаржыландырыў усыныс етилген еди. Бирақ ғалаба хабар қуралларының «төртинши ҳәкимият» болғанлығы ушын, экономикалық еркинлигин тәмийинлеў, жергиликли атқарыў ҳәкимиятларға байланып қалмаўы және жүз берип атырған процесслерге әдил мүнәсибет билдириўи зәрүрлигин есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының қарамағындағы аймақлық бөлимлер менен унитар кәрханалардың қәрежетлерин әмелдеги республикалық бюджетлерден қаржыландырыў тәртиби сақлап қалынды.

Додалаўлар даўамында басқа бир қатар нормалар да салық төлеўшилердиң мәпинен келип шығып, қайта көрип шығылды.

Жүдә қызғынлы ҳәм әмелий руўхта болып өткен пикирлесиўлерден соң нызам жойбары қабыл етилди.

Усының менен Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети