«Ўзбекистон темир йўллари» АЖ республика ишинде темир жол билетлерине байрам шегирмелерин жәриялады.

Сондай-ақ, 2018-жыл 30-декабрьден 2019-жыл 3-январьға шекемги аралықта қосымша қатнаўлар енгизиледи.

 

Шегирмелер төмендеги шахсларға бериледи:

– Пенсионерлер, майыплығы болғанлар, 1941-1945-жыл урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар ушын (мағлыўматнама, гүўалық көрсетилген жағдайда) – 50%;

– Жоқары оқыў орны студентлерине (гүўалық көрсетилген жағдайда) – 50%;

– Шаңарақлық (еки ямаса оннан аслам адам – ерли-зайыплы, ерли-зайыплы ҳәм 18 жасқа толмаған перзентлери, 18 жасқа толмаған әкеси ямаса анасы менен бирге болғанда) неке гүўалығы ҳәм ағайин-туўысқанлықты белгилейтуғын ҳүжжетлер нусқасы көрсетилген жағдайда – 30%;

– Жәмәәт болып саяхатқа шыққан кәрхана ҳәм шөлкемлер хызметкерлерине (4 адам ҳәм оннан аслам буйыртпа), мектеп, колледж ҳәм лицей оқыўшыларына – 20%.

 

Байрам қарсаңында ҳәм байрам күнлери имканияты шекленген шахслар және жәмәәт болып саяхатқа шыққан кәрхана ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери ушын айрықша билет сатыў орынлары хызмет көрсетеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.