Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында 11-декабрь күни АҚШтың адам саўдасы мониторинги ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы айрықша тапсырмалар бойынша елшиси Ж.Ричмонд басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.

Олий Мажлис Сенаты Баслығының орынбасары С.Артиқова менен ушырасыўда Өзбекстанда мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар, соның ишинде, мәжбүрий мийнеттиң барлық түрлерине шек қойыў, адам саўдасына қарсы гүресиўде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң бирге ислесиўин беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлер халықаралық жәмийетшилик, атап айтқанда, АҚШ тәрепинен унамлы баҳаланды.

13.jpg

Мәмлекетимизде адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардың алдын алыў турақлы итибарда. Бул бағдарда халықаралық тәжирийбе тийкарында нормативлик-ҳуқықый база жаратылып, адам саўдасының алдын алыў ҳәм оны сапластырыў бойынша шөлкемлестириўшилик структуралар дүзилген.

Ушырасыўда адам саўдасына қарсы гүресиўде ис-ҳәрекетлерди бирлестириў бойынша мәселелер додаланды.

Бул бағдарда жаңаша қатнасларды ислеп шығыў ҳәм халықаралық әмелиятты қолланыў бойынша усыныслар ортаға тасланды. Тәреплер өз-ара пайдалы болған басқа да мәселелер бойынша пикир алысты.

16.jpg

А.МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы