Усы жыл 28-29-июнь күнлери «Уллы келешек» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәм «Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен «Өзбекстан Республикасын 2035-жылға шекем раўажландлырыў стратегиясы» атамасында халықаралық форум шөлкемлестирилип, оның шеңберинде елимизди узақ мүддетли раўажландырыўдың стратегиясы концепциясын ислеп шығыў мәселеси додаланған еди.

photo5204461247410580090.jpg

Усыған муўапық «Уллы клешек» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми тәрепинен KPMG  аудитор-консалтинг шөлкеминиң жәрдеминде Өзбекстан Республикасы 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясының жойбары ислеп шығылды. «Раўажланыў стратегиясы» орайында 4-декабрь күни усы концепция жойбарының дәслепки презентациясы болып өтти.

photo5204461247410580091.jpg

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинети, Бас прокуратура, «Раўажланыў стратегиясы» орайы, министрлик ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери, «Уллы келешек» шөлкеминиң экспертлер кеңеси ағзалары қатнасты.

photo5204461247410580092.jpg

Бүгинги тез раўажланып атырған дәўир елимиз алдына раўажланыўдың узақ мүддетли стратегиясын белгилеў ҳәм барлық тараўларды избе-из раўажландырыў бойынша реформаларды әмелге асырыў ўазыйпасын қоймақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған Өзбекстан Республикасын 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясынан мақсет елимизди дүньяның экономикасы раўажланған 50 мәмлекети қатарына киргизиў болып табылады.

Концепция жойбары мәмлекетлик басқарыўды рекламалаў, экономика ҳәм социаллық тараўды раўажландырыў, инновация ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы тийкарғы бағдарлардан ибарат.

Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў даўамында жыйналған тәжирийбе усы концепцияның анық бағдарларын ислеп шығыў ушын тийкар болды. Ең әҳмийетлиси елимизди раўажландырыўдың жаңа стратегиясы келеси 17 жылға мөлшерленген болып, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисиўди нәзерде тутады.

Жойбардың мәмлекетлик басқарыўды реформалаў бағдарында нызамшылық базасын жетилистириў, суд системасын реформалаўды даўам еттириў, халықтың сиясий мәдениятын жоқарылатыў, реформаларды табыслы әмелге асырыў ҳәм Өзбекстанның халықаралық индекслердеги орнын жоқарылатыўға имканият беретуғын мәмлекетлик басқарыў институтларын жетилистириў ўазыйпалары белгиленген.

Экономиканы раўажландырыў стратегиясы санаат, хызмет көрсетиў тараўы ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў, исбилерменде интакерликти күшейтиў, қаржылық ресурслар менен тәмийинлеў сыяқлы факторларға тийкарланады. Экономикада терең структуралық өзгерислерди әмелге асырыў есабынан 2035-жылға барып, елимиздиң жалпы ишки өними 122 миллиард долларға жеткериледи. Өсиў пәтиниң бундай көлемин белгилеўде ЖИӨниң номинал өсиўи экономика нәтийжелилиги, халықтың жан басына дәраматлар артыўы есапқа алынған, Қытай, Индонезия, Корея Республикасы Малайзия, Сингапур, Таиланд сыяқлы мәмлекетлердиң экономикалық раўажланыў динамикасына салыстырылған.

Социаллық тараўды раўажландырыў бөлиминде билимлендириў системасы, мийнет базары есабынан инсан капиталын раўажландырыў, халықтың барлық қатламларын сапалы медициналық хызмет пенен қамтып алыў, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў арқалы адамлардың денсаўлығын жақсылаў көрсеткишин арттырыў, социаллық қорғаў, қоршаған орталықты сақлаў, алдынғы пикирлейтуғын жаңа әўладты қәлиплестириў, елимиздиң миллий брендин халықаралық көлемде ғалабаластырыў сыяқлы мақсетлер билдирилген.

– Дүньяның көплеген раўажланған мәмлекетлеринде узақ келешекке мөлшерленген стратегиялар қабыл етилген. Өзбекстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы Ҳәрекетлер стратегиясының логикалық даўамы болып, елимиздиң раўажланыўына жаңа бетти ашатуғынлығы менен әҳмийетли болып есапланады, – деди «Уллы келешек» халықаралық шөлкеми экспертлер кеңесиниң муўапықластырыўшысы Баҳром Исмоилов. – Жаңа стратегия елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың келешекте жоқары нәтийжелерди бериўине тийкар болып хызмет етеди.

– Стратегия жойбарында белгиленген шеклерге ерисиў ушын ҳәр бир тараўда реформаларды басқышпа-басқыш, анық мүддетлерде жүзеге шығарыў прогнозлары көрсетилген, – деди «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Акмал Бурҳонов. – Мәселен, бүгинги күнде туризм тараўының үлеси елимиз жалпы ишки өниминде 1,4 процентти қураса, 2035-жылда оны 28 процентке жеткериў режелестирилген. Ямаса ислеп шығарылатуғын автомобильлердиң санын 300 мыңға жеткериў, тармақтағы бәнтликти 1,5 есеге көбейтиў нәзерде тутылмақта. Сол сыяқлы көплеген перспективалы режелер ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери Өзбекстан дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатаранан беккем орын ийелеўине қолайлы имканиятлар жаратады.

Презентацияда макроэкономикалық көрсеткишлери, тараўлық бағдарлардың ҳәр тәреплеме үйренилген мағлыўматлары, турақлы раўажланыў бағдарлары, 2035-жылға шекем Өзбекстан Республикасын раўажландырыў стратегиясының күтилип атырған нәтийжелери ҳаққында сөз болды.

Жойбарды халықтың кең қатламлары, министрлик ҳәм уйымлар, эксперт-аналитикалық топарлар арасында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўында кең додалаўға келисип алынды.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы