Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева 30-апрель күни Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат комитетиниң баслығы Шин Донг Гинди қабыл етти.

Еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў, парламентлераралық байланыслардың әмелдеги жағдайы ҳәм келешектеги раўажланыўы, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Корея арасында денсаўлықты сақлаў тараўында биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм режелер додаланды.

Ушырасыўда мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиў, өз-ара товар алмасыў көлемин 5 миллиард долларға жеткериў ушын бар потенциалдан пайдаланыў кереклиги айтып өтилди.

Сөйлесиў даўамында халықты социаллық қорғаў, атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў бағдарында жаңа жойбарларды, соның менен бирге, биргеликте жаңа медицина орайларын шөлкемлестириў, фармацевтика кластерлерин иске қосыў, кадрлар таярлаў, аймақлық медицина мәкемелерин алдынғы үскенелер менен тәмийинлеў бойынша пикир алысылды.

Сәўбетлесиў барысында кейинги жыллары парламентлер арасындағы байланыслар жеделлескени, дослық топарларының тығыз байланысы жолға қойылғаны айрықша атап өтилди. Соның менен бирге, Олий Мажлис Сенатында Корея Республикасы Миллий ассамблеясы менен бирге ислесиў бойынша арнаўлы комиссияның дүзилгени республика басшылығы тәрепинен еки тәреплеме бирге ислесиўге үлкен итибар қараталып атырғанының көриниси екени тән алынды. Жоқары дәрежедеги келисимлер ҳәм биргеликтеги жойбарлардың усы комиссия шеңберинде додаланыўы олардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына жәрдем берип атырғаны айтып өтилди.

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети менен Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат комитети менен тиккелей байланысларды жолға қойыў арқалы аналар ҳәм балалар саламатлығы, репродуктивлик көрсеткишлерди жақсылаў, генетикалық кеселликлердиң алдын алыў, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ушын волонтёрларды тартыў бағдарларында өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги