Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасында ярым финалдың дәслепки ойыны өткерилди.
Онда Германияның «Бавария» ҳәм Испанияның «Реал» клублары өз-ара ушырасты.
Ушырасыўдың дәслепки минутларында мюнхенлилер белсендирек ҳәрекет еткени менен есапты Испания клубы ашыўға еристи. Гол авторы Винисиус Жуниор.
Екинши таймның 53-минутында «Бавария» футболшысы Лерой Сане өзиниң әжайып ҳәрекетлери менен есапты теңлестириўге еристи. Арадан 4 минут өтип, немис футболшылары пенальти ислеп алды ҳәм оны Харри Кейн анық әмелге асырды.
Буннан кейин «Реал» футболшылары көбирек қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин ушырасыўдың 84-минутында Ким Мин Джэ «Реалу» футболшысы Родригоны тоқтатып қалды.
Оның бул қәтеси «Бавария» ушын оғада қымбатқа түсти ҳәм ойын төрешиси Нойер дәрўазасы тәрепке пенальти белгиледи. Оны Винисиус Жуниор анық әмелге асырды.
Ойынның қалған минутларында дәрўазаларға гол урылмады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги