Өзбекстанда көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларын сатыўды тек ғана нақ пулсыз есап-санақлар тийкарында әмелге асырыў усыныс етилмекте. Бул ҳаққында «Газета.уз» хабар бермекте.

Жойбарға бола, жоқарыдағы операциялар шеӊбериндеги комиссиялар сапластырылыўы режелестирилген. Физикалық тәреплер менен дүзилген алды-сатты шәртнамалары банк мағлыўматлары тийкарында, юридикалық тәреплер менен  болса нақ пулсыз төлемди тастыйықлаўшы ҳүжжет болмаса, электрон есапбет-фактуралар арқалы нотариал тастыйықланыўы керек болады. Тийисли жойбар еле жәмийетшиликтиӊ додалаўына қойылмаған.

Егер өним яки хызметтиӊ баҳасы 3 мыӊ доллардан (шама менен 37,6 миллион сумнан) артса, нақ пулсыз төлем усыныс етиледи.

Буннан тысқары, бюджет шөлкемлери, атап айтқанда, жоқары оқыў орынлары ҳәм ири салық төлеўшилер, сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиӊ мийнет ҳақысын 100 процент мийнет ҳақысын банк картасына өткериў жолы менен бериў усыныс етилмекте.

Сондай-ақ, тек нақ пулсыз түрде төленетуғын хызметлер каталогин де тастыйықлаў усыныс етилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги