Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында түркмен халқының уллы перзенти, белгили шайыр ҳәм ойшыл, дүнья халықлары әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығы, сондай-ақ, қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының шөлкемлестирилгенине 70 жыл толыўына арналған «Мақтымқулы Пырағый ҳәм түркий дүнья» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти,-деп хабар бермекте институт баспасөз хызмети хаткери И.Мәтеков.

Конференцияда филология илимлери бойынша философия докторы (PhD), доцент Ырысты Қуттымуратова «Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы – кеше ҳәм бүгин», филология илимлериниң докторы, профессор Огулбай Гайлиева «Өзбек ҳәм түркмен әдебий қатнасықларында Мақтымқулы дөретиўшилигиниң орны», филология илимлери бойынша философия докторы (PhD), профессор Феруза Сапаева «Мақтымқулы қосықларында үгит-нәсият мотивлери» атамаларындағы баянатларын жасады.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қазақ тили ҳәм әдебияты бөлими 1954-1955-оқыў жылында шөлкемлестирилген болып, бул жерде де билимлендириў ҳәм халық хожалығының түрли тараўларына жоқары маманлыққа ийе кадрларды таярлаў жақсы жолға қойылған.

Дыққатқа ылайықлы тәрепи, кафедра қурамында 2018-2019-оқыў жылынан баслап түркмен тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары ашылып, кафедраның қурамы кеңейди.

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, даналық сөз шебери Мақтымқулының терең гуманизм менен суўғарылған дөретпелери мәрт ҳәм сабырлы, мийнеткеш түркмен халқының ийгиликли қәдириятлары ҳәм уллы пазыйлетлерин жырлаў, бәрқулла халық пенен дәртлес болыўға, түрли миллет ҳәм халықлар арасында өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеўге қаратылған мазмуны менен бәршемиз, әсиресе, жасларымыз ушын үлги болып табылады.

Быйыл абырайлы халықаралық шөлкем – ЮНЕСКО басшылығында Мақтымқулы Пырағыйдың туўылған күниниң 300 жыллық қутлы юбилей сәнеси дүнья көлеминде кеңнен белгиленип атырғаны да шайырдың әдебий мийрасы дүнья сөз өнериниң ғәзийнесине айланып, адамзаттың руўхый дүньясын жоқарылатыўға хызмет етип киятырғанынан дәрек береди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары тарийхында жаңа дәўир басланған ҳәзирги ўақытта Мақтымқулы Пырағыйдың мәңгилик әдебий мийрасы халықларымыз ушын және де әҳмийетке ийе болмақта. Шайырдың юбилей жасы – 300 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының қабыл етилиўи де бул уллы сөз шебериниң халықларымыз турмысындағы орны ҳәм әҳмийетиниң айқын дәлили есапланады.

Конференция институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги