Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше ҳәзирги ўақытта автомобиль жолларында автомобильлердиң салмағын өлшеў пунктлери қурылмақта.

Бүгинги күнде республикамыз аймағында жүк автотранспортларының оғада аўыр салмақтағы жүклерди нормадан артық түрде тасыўы себепли автомобиль жоллары ҳәм жоллардағы көпирлер жарамсыз жағдайға келип қалып атырғанлығы сыр емес.

Қарақалпақстанда улыўма 1544 көпир болып, соннан, бүгинги күнде 845 дана көпир оңлаўға мүтәж, 10 көпир жарамсыз жағдайға келип қалған.

Автомобиль жолларында нормадан артық жүк тасыў жағдайларын қадағалаў мақсетинде быйылғы жылда 7 орында аўыр жүк автотранспортларын ѳлшейтуғын тәрези орнатылыўы белгиленген.

Соннан, Президентимиздиң 2023-жыл 26-декабрь күнги ПҚ-404 санлы қарарына муўапық, А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 698 километринде хәм 753 километринде автоматластырылған көлем хәм салмақ өлшеў тәрези пунктлерин қурыў режелестирилген болып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан  Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарарына муўапық Беруний районы аймағынан өтиўши А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 661 километринде ҳәм Әмиўдәрья районы аймағындағы 4Р-160 А автомобиль жолының 6 километринде стационар тәрези пунктин қурыў ушын қаржы ажыратылып, 464 миллион сум қаржы көлеминде қурылыс жумыслары әмелге асырылған. Бүгинги күнде Қаратаў хәм Жумыртаў карьерлеринен хәрекет етиўши автотранспортлардың салмағын өлшеў, бақлаў жумыслары алып барылмақта.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тастыйықланған Жол картасына муўапық, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында 3 дана мобиль салмақ өлшеў үскенелерин орнатыў белгиленген болып, бүгинги күнде 150 миллион сумлық 1 дана  мобиль салмақ өлшеў үскенеси алып келинди ҳәм А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 755 километриндеги «Бестѳбе» ЖПХ постында орнатылды. Ҳәзирги ўақытта тест режиминде жумыслар жолға қойылған. 2 дана мобиль салмақ өлшеў үскенесин сатып алыў ушын буйыртпалар берилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги