Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасында тийисли тараў қәнигелериниң қатнасыўында ҳайўанлардан адамларға жуғыўшы оғада қәўипли зооантропоз жуқпалы кеселликлерден қутырыў, Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа, от жара ҳәм олардың алдын алыў мәселелерине бағышланған баспасөз конференциясы өткерилди.

Мақсет – усы кеселликлердиң алдын алыў бағдарындағы жумысларды кеңейтиў, бул ҳаққында пуқараларға ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы кең түрде түсиник бериў, қәўипсизлик қағыйдаларын кеңнен ен жайдырыў ҳәм бул кеселлик ушырасқанда дурыс ҳәрекетлениў тәртиплерин түсиндириў болып есапланады.

Баспасөз конференциясында Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы Е.Жүзбаев, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы баслығының орынбасары В.Абсаттарова ҳәм Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң ҳайўанлардың денсаўлығын қорғаў бөлими баслығы Қ.Турсынбаевлар шығып сөйлеп, усы жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында 2023-жыл даўамында пуқаралар арасында 4 жағдайда Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа, 3 жағдайда от жара, 1 жағдайда қутырыў кеселликлери дизимге алынған.

Қутырыў кеселлиги – ҳайўан тислегенде жуғатуғын, 100 процент өлимшилик пенен тамамланыўшы оғада қəўипли жуқпалы кеселлик. Бул кеселлик зыянланған ийт, пышық, қара мал, ешек, сағал, қасқыр, түлки, порсық ҳәм басқа үй яки жабайы ҳайўанлардың тислеўи, тырнаўы арқалы ҳəм силекейи тийгенде адамларға жуғады. Адамда бул кеселликтиң келип шығыў мүддети вирус жуққаннан соң 10 күннен 1 жылдан аслам ўақытқа созылыўы мүмкин. Кеселликтиң алдын алыўда ҳайўаннан жарақатланған адамларды қутырыўға қарсы шаншыў әҳмийетке ийе.

2023-жылы Қарақалпақстанда 3747 адам ҳайўанлардан жəбирленип медициналық жəрдемге мүрəжат еткен. Жəбирленгенлердиң 69,8 проценти ийеси белгили ҳайўанлардан, 29,8 проценти  қараўсыз ҳайўанлардан, 0,4 проценти   қутырыўға клиникалық гүман етилген ҳайўанлардан жарақат алған. Адамларды қутырыўға қарсы шаншыў мақсетинде санитариялық-эпидемиологиялық хызмет тәрепинен антибактериялық препаратларды сатып алыў ушын 1,1 млрд. сумнан артық қаржы жумсалған. Ветеринария хызмети тәрепинен 182455 бас ҳайўан, соннан 166145 бас ийт қутырыўға қарсы шаншылған. Қала хам районлық абаданластырыў басқармаларының мағлыўматы бойынша, өткен жыл даўамында 15412 бас қанғымай ҳайўан жоқ етилген.

От жара менен көбинесе қарамал, қой-ешки, жылқы, ешек, түйе, кийик, суўын кеселленеди, шошқа сийрек аўырады. От жара таяқшасы аўырған малдың қанында, барлық ағзаларында болады ҳəм малдың дəретлери менен жайылған жер топырағына, суўға, малқораға түседи. Сыртқы орталықта от жара микроблары спора менен қапланады ҳəм ҳәр қыйлы тәсирлерге жүдə шыдамлы болады. Ҳайўанлар от жара микроблары менен патасланған от-шөплерди жегенде, суў ишкенде кеселликти өзине жуқтырады.

От жара менен аўырған ямаса өлген ҳайўанның жүнин, терисин услаў, оны күтип-қараў, сойыў, терисин сылыў, гөшин бөлеклеў, ишек-қарын, бас-сыйрағын тазалаў ўақтында, айырым жәнлик шаққанда, топырақ-ылай менен жумыс ислегенде кеселлик шақырыўшы микроблар адам терисиниң яки силекей қабатының қыршылған, тырналған жери арқалы адамға жуғады. Кеселлик адамларда көбинесе тери түринде жүз береди. Шийки яки шала пискен гөшти жеў ямаса ҳаўа арқалы жуққанда раўажланатуғын ишек яки өкпе түри аўыр ақыбетлерге алып келиўи итимал.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша от жара кеселлигиниң 121 стационар топырақ орайлары болып, олардың қəўипсизлигин талап дəрежесине алып келиў мақсетинде март-июль айларында толық мониторинг жумыслары өткериледи. 2023-жылы май-октябрь айларында график тийкарында 256 топырақ үлгиси лаборатория усылында тексерилип, кеселлик қоздырыўшысы анықланбаған.

Ал, Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң тийкарғы дәреклери – кемириўшилер, қара мал ҳәм қой-ешкилер. Кенелер усы кеселлик вирусының тийкарғы дәреги ҳәм тасыўшылары болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм бөлимлери тәрепинен 2023-жылы 1253199 бас қара мал, 1218543 бас қой-ешки, 5623 бас түйе эктопаразитлерге қарсы дәриленген. 4013,995м2 майданға ийе 130288 объект дезинсекцияланған, 323,650 м2 майданға ийе 2181 объект дезинфекцияланған.

Бул кеселликлер бойынша республикада 51 арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилген ҳәм оларға 5727 адам, 251 арнаўлы техникалар қатнасқан.

Баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары арқалы халықтың хабардарлығын арттырыў нәтийжесинде усы кеселликлердиң алдын алыўға ерисилетуғынлығы атап өтилип, өзлерине тийисли үй ҳайўанларының денсаўлығына немқурайдылық пенен қарайтуғын айырым пуқаралардың, әсиресе, ийтлерин босатып жиберип итибарсыз қарайтуғын пуқаралардың ҳәрекетлери сынға алынып, олардың тислеўинен жәбир шеккен пуқаралардың медициналық хызметке, дәриге кеткен қаржыларын усы пуқаралардан өндириўди, жәрима салыўдың муғдарын көбейтиўди жолға қойыў, оның ҳуққый механизмлерин жетилистириў бағдарында пикир-усыныслар билирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

4

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери