Шайыр, аўдармашы, публицист ҳәм эссеист Сағынбай аға Ибрагимовтың қосықлары «Заманагөй Урал поэзиясы антологиясы» томлығында басылды.
С.Ибрагимов аға көп жыллар даўымында қәлем тербетип, дөретиўшилик пенен шуғылланып киятырған, социомедиада белсендилик пенен көзге көп түсетуғын, жаңалық алып кириўге умтылатуғын дөретиўшиниң бири. Оның қосықлары 2018-жылы Россия Федерациясының Челябинск қаласында Марина Волкованың баспасында 760 беттен ибарат «Заманагөй Урал поэзиясы антологиясы» томлығында жарық көргени заманласымыздың тынымсыз мийнетиниң жемиси болып табылады.
Бул тек ғана көп томлық болып қалмастан, 30 жылдан аслам ўақыттан берли даўам етип киятырған стратегиялық ойланған мәденият жаратыўшы акция болып есапланады. Оның басламасы 1992-жылы шығарылған «Пермь поэзиясы классиклери» сериясындағы онлаған киши бюджеттеги қосық китапшалары болған. Буннан соң «Заманагөй емес жазбалар» («Несовременные записки») журналы пайда болды, соңынан 1996-жылы биринши «Заманагөй Урал поэзиясы антологиясы» жарық көрди. Буның изинен отызлаған авторлық қосық китапшалары басылып, 2003-жылы Анталогияның екинши томына бирикти. Бул Антология 17-ши Москва халықаралық китаплар көргизбе-ярмаркасының шөлкемлестириў комитети тәрепинен 2004-жылдың ең жақсы поэзиялық китаплары үшлигинен орын алып, «Урал поэзиялық мектеби» түсинигиниң қәлиплесиўине жуўмақ жасады. Сол ўақыттағы рус әдебиятының көрнекли ўәкиллери болған А.Вознесенский, Д.Пригов, В.Курицын ҳәм т.б. бул мектептиң өзгешеликлери ҳәм потенциалы ҳаққында бәсеки жүргизсе, гей биреўлер оның жасаў ҳуқықына ийе екенлигин бийкарлаўға күш салды. Антологияның үшинши томы «Он мың сөз» деп аталып, барлық бәсеки ҳәм гүманларға шек қойды.
Усы жылы көплеген тиллес ҳәм пикирлес авторларды бирлестирген Антологияның төртинши томы жәҳән әдебий әмелиятындағы қайталанбас жойбардың даўамы сыпатында өзиниң жүз мыңлаған оқыўшыларын таўып, олардың жүреклерине жетип бармақта. Бизлер ушын ең мақтанышлысы – усы төртинши томнан жерлесимиз Сағынбай Ибрагимовтың қосықларының орын алғаны.
Бул томдағы жерлесимиздиң қәлемине тийисли шығармалар дүнья жүзи поэзия ықласбентлериниң де жүрегинен орын алатуғынына исенимимиз кәмил.
М.Игиликова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы