Нөкис қаласындағы «Прогресс» қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде «Билимлендириў мәкемелериниң аттестациясы ҳәм аккредитациясы: машқалалар ҳәм оның шешимлери, алдағы ўазыйпалар» атамасында әмелий оқыў семинары болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы И. Қунназаров, Халық билимлендириў министрлиги билимлендириў сапасы мониторинги бөлиминиң бас инспектор-методисти Х.Бегдуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, билимлендириў мәкемелериниң аттестациясы ҳәм аккредитациясының әҳмийети, бул бағдарда орын алып атырған кемшиликлер ҳәм алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  соңғы жылларда билимлендириў тараўының барлық басқышларын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў,  оқыў-тәрбия процесине алдыңғы педагогикалық  ҳәм информация-коммуникациялық технологияларды енгизиў, оқытыўшылардың жәмийеттеги абырайын жоқарылатыў арқалы билимлендириўдиң сапасын арттырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 10-февральдағы «Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерин мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындғы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған Режеге муўапық Билимлендириў мәкемелери аттестациядан өткериледи ҳәм аккредитацияланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Билимлендириў сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекцияны шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары менен Мәмлекетлик инспекция шөлкемлестирилди. Сонлықтан, 2017-2018-оқыў жылына шекем аттестациядан өткен ҳәм аккредитацияланатуғын улыўма орта билим бериў мектеплериниң ҳүжжетлери Мәмлекетлик тест орайына тапсырылып келинген болса, ал жаңа оқыў жылынан баслап  усы инспекцияға тапсырылып келинбекте. Быйылғы оқыў жылында республикамызда 132, келеси оқыў жылында болса, 152 улыўма орта билим бериў мектебин  аттестациядан өткериў режелестирилген.

Семинарда орын алған кемшиликлерден жуўмақ шығарған ҳалда, ҳәр бир билимлендириў мәкемесин аттестациядан өткериў ушын комиссия ҳәм эксперт топары ағзалары арасында жумыслардың дурыс бөлистирилиўине итибар қаратыўы тийис, екенлиги атап өтилди. Буның ушын, алдын ала критерия ҳәм технологияларға  әмел қылған ҳалда өткерилиўин шөлкемлестириў талап етиледи.

Оқыў семинары соңында 2018-2019-оқыў жылында ерискен жетискенликлери, жас әўладларды кәмил инсан етип тәрбиялаўдағы нәтийжелер ҳәм оқыў жылының жуўмағы бойынша Нөкис қаласы,  Әмиўдәрья, Беруний,  Кегейли,  Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели ҳәм Шоманай районы Халық билимлендириў бөлимлериниң бас инспектор-методистлери министрликтиң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.