Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы жыл 30-ноябрь ҳәм 2-декабрь күнлери аралығында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26 жыллығы мүнәсибети менен «Өзбекстан жаслары – жаңа заман қурыўшылары!» сүрени астында жаслар фестивалы болып өтти.

Фестиваль даўамында «Жаслар менен ашық сөйлесиў», «Карьера күни», «Келешек қурыўшылары», «Жетискенликке ерисиў сырлары», «Агросаяхат», «Бизнес саяхат» атамасындағы жойбарлар, «Перзентлик миннетим» атамасындағы патронаж жаслар жойбары, «Жаслар спартакиадасы» спорт жарыслары, әскерий бөлимлерде «Өзбекстан Қураллы Күшлери – жигерли жаслардың өмир мектеби» түсинигин үгит-нәсиятлайтуғын ғалабалық илажлар, «Беккем шаңарақ сыры», «Жаслар баспалары күнлери», «Жоқары қәнигели бийпул медицина хызмети», «Келешек фермери», «Музейге саяхат», «Балаларға бериң дүньяны», «Балалар китабы», «Өтмишке саяхат» атамасындағы жойбарлар шеңберинде ушырасыў кешелери ҳәм бийпул медициналық тексериўлер шөлкемлестирилди.

– Атап айтқанда, «Карьера күни» жойбары шеңберинде жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери көрилген болса, «Келешек қурыўшылары» жойбары даўамында 2016-2018-жылларда түрли дәрежедеги мәмлекетлик сыйлықларға ийе болған жаслардың жумысларын қатарлары арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде бир қатар ушырасыўлар әмелге асырылды,-дейди Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров. – Тәжирийбели исбилерменлердиң қатнасыўында өз бизнесин баслаў алдында турған жаслар ушын «Жетискенликке ерисиў сырлары» атамасында мастер каласслар өткерилди.

«Жаслар менен ашық сөйлесиў» жойбары шеңберинде сегиз «Ҳәким ҳәм жаслар», еки «Суд ҳәм жаслар», үш «Депутат ҳәм жаслар» темасында ушырасыўлар шөлкемлестирилип, ашық түрде сәўбетлесиўлер өткерилди. Онда жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, олардың идеялары менен басламаларын қоллап-қуўатлаў, машқалаларын шешиў бойынша анық илажлар белгиленди.

Сондай-ақ, «Бизнес саяхат» жойбары шеңберинде исбилерменлик жумысын баслаўды қәлейтуғын жаслар ушын аймақлардағы ири өндирис кәрханаларына 5 мәрте, «Агросаяхат» жойбары шеңберинде фермерлик жумысын баслаў нийетинде болған жасларға орынлардағы ири, көп тармақлы фермер хожалықларына 3 мәрте саяхат шөлкемлестирилип, олар таярлаў ҳәм өндирис процесслери менен жақыннан таныстырылып, кәрхана басшылары менен ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

Ал, «Жаслар спартакиадасы» шеңберинде спорттың марафон, мини-футбол, баскетбол, волейбол, шахмат-шашка, стол тенниси, көркем гимнастика түрлери бойынша 51 спорт жарысы шөлкемлестирилип, оларға жәми 4618 жас қатнасты.

Усы жылдың 30-ноябрь күни Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы»нда жаңадан шөлкемлестирилген «Болажақ келин-күйеўлердиң инновациялық мектеби»нде «Беккем шаңарақ сыры» темасында тийисли тараў қәнигелери ҳәм жас шаңарақлардың қатнасыўында дөгерек сәўбети болып өтти. Ал, 2-декабрьде елимиздиң социаллық турмысында белсене қатнасып киятырған 48 жас шаңараққа Нөкис қаласында жаңадан қурылған «Жаслар үйлери» салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Усы күни фестиваль жуўмақлары бойынша белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўында гала-концерт болып өтти. Онда елимизде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда ҳәр тәреплеме белсендилик көрсетип киятырған бир топар жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди ҳәм сыйлықланды.

Улыўма алғанда фестиваль шеңберинде, жәми 425 ҳәр қыйлы жойбарлар әмелге асырылып, бул илажларға 15 мыңнан аслам жаслар қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.