Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң «Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығы мүнәсибети менен ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барып атырған жаслардың бир топарын «Өзбекстан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасынан төменде атлары келтирилген жаслар сыйлықланды:

 

Ибрагимов Шерзод Махсудович – Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары;

 

Рўзимова Озода Рустамовна – Өзбекстан жаслар аўқамы Елликқала районлық Кеңеси баслығы;

 

Юсупов Фурқат Эргашович (марҳум) – Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баспасөз хаткери болып ислеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.