Ана тилим арым менен намысым,

Қуўандырар сениң аз-кем табысың,

Даңқың ушын беккем қысып тақымды,

Баратырман журт пенен ат шабысып.

 

Сениң ушын мың азапқа тайынман,

Сен арқалы қәлем тербер шайырман,

Ана тилим Зуҳра болсаң егер де,

Ышқыңда бир күйип жанған Тайырман.

 

Еситкенмен узақ жолды басқаның,

Бәлент-бәлент асқар таўдан асқаның,

Заманында Әжинияз, Бердақлар,

Илми мағрифаттың нурын шашқанын.

 

Ана тилим мудам сени қорғайман,

Өзге тилге ҳасла сени бурмайман,

Жаңа заман қарсаңында тоңласаң,

Прометейдей тәңриден от урлайман.

 

Алдымда тур ўазыйпалар бир қанша,

Көз илгитпей жазайын таң атқанша,

Өмирим бойы сени жырлап өтемен,

Көкирегимде соңғы демим қалғанша.

 

Мийирман Дәрибаев,

НМПИ филология факультети студенти.