1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни. 1989-жылы әйне усы сәнеде ана тилимиз – қарақалпақ тили өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе болған еди. Бүгин тарийхый ўақыяға 29 жыл толмақта.

Республикамыздың барлық билимлендириў орынларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде байрам мүнәсибети менен ушырасыўлар, конференциялар ҳәм байрам концерт бағдарламалары шөлкемлестирилмекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 30-ноябрь күни сәне мүнәсибети менен «Қарақалпақ тил билими ҳәм әдебияттаныў илиминиң әҳмийетли мәселелери» атамасында илимий-теориялық конференция болып өтти.

Илажды институттың оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов кирис сөз бенен ашып берди.

Конференцияда қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиў тарийхы, түркий тиллер системасында қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм бүгинги күнде ушырасып атырған машқалалар, оларды шешиў ушын алдағы ўазыйпалар бойынша филология илимлериниң докторы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов, филология илимлериниң кандидаты, доцент А.Пирниязова, филология илимлериниң кандидаты Е.Алланазаровлар баянатлар жасады.

Баянатларда сөз етилгениндей, ҳәзирги ўақытта дүньяда жети мыңға шамалас тиллер болғаны менен, олардың тек 170 тен асламы өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе. Олар арасында қарақалпақ тилиниң де бар екенлиги үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш болып табылады.

Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи халқымыздың өзлигин аңлаўы, ғәрезсиз турмыста өмир сүриўи ҳәм ата-бабалардан мийрас болып киятырған миллий мийрасларымыз, қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлап, келешек әўладларға жеткерип бериўдей уллы исте тасланған әҳмийетли, тарийхый қәдем болды.

Илаж соңында институт филология факультети студенти М.Дәрибаев өзиниң «Ана тилиме» атамасындағы қосығын оқып берди.

Байрам мүнәсибети менен институт студент-жаслары арасында өткерилген мақалалар таңлаўында жеңимпаз болған студентлерге диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Конференциядан соң институттың филология факультети талантлы жасларының шөлкемлестириўиндеги концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.