Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлигиниң лаўазымлы шахслары ғалабалық түрде қамаққа алынған.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен оларға Жынаят кодексиниң бир неше лаўазымлық жынаятлары факти бойынша жынаят иси ашылған.

Бас прокуратура баспасөз хызметине тийкарланып Kun.uz сайтының мәлим етиўинше, 16-ноябрь күни тергеў ҳәрекетлери даўамында Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги директоры Р.Ибрагимов, агентлик директорының орынбасары У.Назаров, сондай-ақ, агентлик бөлим баслығы А.А. ҳәм секция баслығы О.М. ларға айыплаў жәрияланып, олар қамаққа алынған.

Бас прокуратура тергеў сыры көз-қарасынан жумыс бойынша басқа мағлыўматларды әшкар етпеген.

Усы ҳәптеде ҒХҚларда агентлик басшылығындағы коррупциялық ҳәрекетлер бойынша хабарлар тарқала баслаған еди. Хабарларда жазылыўынша, жуўапкерлер Қубла Кореяға жумысқа баратуғын жүзлеген адамлардан (ҳәр бир адамнан 5 мың доллар муғдарында) жәми 20 миллион доллар әтирапында пул жыйнап алғаны айтылған. Бул хабарларда агентлик басшылығы ғалаба түрде қолға алынғаны, жәми 20 ға шамалас адам Бас прокуратураның Шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў басқармасы хызметкерлери тәрепинен алып кетилгени ҳаққында жазылған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги