25-ноябрь күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде  Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, художник Шпады Альвина Андреевнаның «Қарақалпақстан-мәңгилик  муҳаббатым» атамасындағы жеке көргизбеси ашылды.

Көргизбе   Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары Комитети менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Көргизбеден художниктиң музейдеги ҳәм өзи жыйнаған 50 ге шамалас картиналары орын алды.

Көргизбениң тийкарғы мақсети – дослық қатнасықларды беккемлеў, художниктиң дөретиўшилиги менен танысыў, Ўатанға суйиспеншилик сезимин оятыў, сондай-ақ, Қарақалпақстан  сүўретлеў өнериниң абырайын арттырыўдан ибарат.

Көргизбениң ашылыўында музей директоры Г.Изентаева, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары Комитетиниң бөлим баслығы А.Хусейнов, М.Бабаназарова ҳәм басқалар Шпады Альвинаның өмир жолы, дөретиўшилик жумыслары туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап айтқанда, Шпады Альвина 1960-жылы Қарақалпақстанға келип, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының көркем өнер фондында, соңынан көркем өнертаныў бөлиминде жумыс ислеп жүрип, И.В.Савицкий менен танысқан.  Усы ушырасыў оның келешегине, дөретиўшилик ислерине түртки береди. Ол 1962-жылы  Ташкент театр ҳәм сүўретшилик институтында, соңынан Москвадағы тоқымашылық институтында «Тоқымашылық ҳәм жеңил санаат өнимлерин көркем безеў, моделлестириў» қәнигелиги бойынша оқығанлығын, нәтийжеде,  тек ғана художник  емес, гезлеме бойынша қайта тиклеўши реставратор, безеўши – дизайнер қәнигеликлерин де  ийелейди.

Оның 1969-жылы Нөкиске қайтып келип, музейде реставратор қәнигелиги бойынша жумысқа орналасады. Оның   Савицкий менен көп жыллық бирге ислесиўи музейдиң раўажланыўында нәтийжели ҳәм жемисли болды.

Ол тек ғана художник болып картина жаратыў,   дизайнер сыпатында  экспозицияны безеў  менен шекленип қалмастан,   ең тийкарғы жумысы  музейдиң реставрация бөлиминде жетекши қәниге ретинде көплеген картиналарды қайта тиклеўге басшылық етти.   Оның  реставрациялаған  картиналары бүгинги күнде музей залларын безеп тур. Усы бөлимде узақ жыллар даўамында жемисли мийнет етип гилемшилик ҳәм кестешилик үлгилерине  де консервация, реставрация  ислеп, олардың жақсы сақланыўына тийкар салды.

Көргизбеде художниктиң живопислик жумысларынан тысқары, оның эскизлери тийкарында исленген сюзане, гилемлери де көрсетилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,  

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы