Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 1-ноябрь күнги «Халықаралық бақсышылық өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 22-ноябрь күни Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди. Онда Халықаралық бақсышылық өнери фестивалын өткериў тәртиби ҳәм оны 2019-жылда шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды, деп жазады ӨзА.

Қарарда атап өтилиўинше, фестиваль ҳәр еки жылда бир мәрте, 5-10-апрель күнлери Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткериледи. Фестивальды өткериўдиң анық сәнеси ҳәм мүддети Халықаралық бақсышылық өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша Шөлкемлестириў комитети тәрепинен белгиленеди.

Фестиваль шеңберинде бақсышылық ҳәм дәстан атқарыў өнерин раўажландырыў, бақсы-шайыр, ақын ҳәм жыраўлар өнериниң шығыс мәденияты ҳәм көркем өнериндеги орны және әҳмийетин және де арттырыў ҳәм басқа мәселелер бойынша илимий-әмелий конференция, сырт ел ҳәм Өзбекстан бақсышылық өнери усталарының жеке концертлери, бақсы-шайыр, ақын ҳәм жыраўлар және фольклор топарларының Халықаралық таңлаўы, сейиллер, елимиздиң дүньяға белгили адамларының өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети ҳаққында заманагөй усылда сахналастырылған бағдарлама көринислери, бақсышылық өнери тарийхына байланыслы көргизбе, өзбек, парсы, араб, инглис ҳәм рус тиллеринде баспадан шығарылған илимий изертлеў дөретпелери және илимий-ағартыўшылық әдебиятлар презентациясы өткериледи.

Таңлаў жеңимпазлары Шөлкемлестириў комитети тәрепинен диплом, статуэтка ҳәм төмендеги муғдарлардағы ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:

 

«Гран при» – 7 000 доллар;

1-орын (ҳәр бир бағдар бойынша) 2х5 000 – 10 000 доллар;

2-орын (ҳәр бир бағдар бойынша) 2х3 500 – 7 000 доллар;

3-орын (ҳәр бир бағдар бойынша) 2х2 500 – 5 000 доллар.

 

Фестивальдың ҳәр бир қатнасыўшысына «Халықаралық бақсышылық өнери фестивалының қатнасыўшысы» сертификаты бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.