Ташкент метрополитенине жер үсти кириў орынларында жумыс алып барып атырған ишки ислер уйымы хызметкерлериниң қадағалаў посты алып тасланады. Бул ҳаққында Ишки ислер министрлиги баспасөз хызметине тийкарланып Kun.uz хабар берди.

Соның менен бирге, төменги бөлиминдеги ишки ислер хызметкерлериниң қадағалаў посты өз жумысын даўам еттирмекте.

– Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан, Миллий бағ, Машинасазлар метро бәндиргилеринде ишки ислер хызметкерлериниң жумыслары тоқтатылды. Жылдың ақырына шекем барлық метро бәндиргилеринде ишки ислер хызметкерлериниң жумыслары тоқтатылыўы жобаластырылған, – деп жазылған хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги