Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 12-17-ноябрь күнлери Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында дүньяға белгили жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың 90 жыллығына арналған «Айтматов шығармалары театрлар сахнасында» атамасындағы халықаралық фестиваль болып өтти.

Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры Шыңғыс Айтматовтың «Теңиз жағалап жортқан Тарғыл көпек» гүрриңи тийкарында сахналастырыўшы режиссёр Мухтар Реймовтың «Лувр үйреги» спектакли менен қатнасты.

Театрдың Телеграмдағы рәсмий каналында жазылыўынша, «Лувр үйреги» спектакли халықаралық фестивальда 3-орын жеңимпазы деп табылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.