Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қарақалпақстанның миллий қәдириятлары» темасында көргизбе саўдасы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы «Өнермент» ассоциациясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы «Өнермент» басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өнерментшиликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилгениниң бир жыллығына бағышланды.

Көргизбе саўданың ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов, Өзбекстан Республикасы «Өнермент» ассоциациясының баслығы У.Абдуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде өнерментшиликти раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар, өнерментлерге жаратылып берилген жеңилликлерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, миллий өнерментшиликти, халық көркем ҳәм әмелий өнерин буннан былай да раўажландырыў, өнерментшилик жумысы менен шуғылланатуғын пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў,  сол тийкарда халықтың, әсиресе, жаслардың, ҳаял-қызлардың ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеўде өткен жылы қабыл етилген бул Пәрман айрықша әҳмийетке ийе болды. Соның менен бирге, оларға бир қатар жеңилликлер берилди. Атап айтқанда, районларда өнерментшиликти раўажландырыў орайлары қурылып, олардың биринши қабатында устахана ҳәм саўда объектлери, жоқарғы қабатында өнерментлер ушын турақ жайлар шөлкемлестириў, «Уста-шәкирт» мектеплери жумысын жетилистириў нәзерде тутылған. Өнерментлер қатаң белгиленген салықлардан, жасқа байланыслы пенсия ҳәм напақа алыўшылар пенсия қорына қамсызландырыў төлеминен азат етиледи, аўыллық жерлердеги өнерментлер пенсия қорына белгиленген қамсызландырыў төлеминиң 50 процентин төлейди,  «Устаз-шәкирт» мектебиниң оқыўшысы көринисиндеги жумыс дәўири 25 жасқа жеткенге шекем ең кем мийнет ҳақының  кеминде 2,5 есеси муғдарында қамсызландырыў төлеми төленсе, мийнет стажына қосылады. Өнермент өз өнимлерин экспорт етиўден түскен сырт ел валютасын еркин жумсаў, сондай-ақ, банк есап бетиндеги сырт ел валютасын нақлай алыў сыяқлы бир қатар жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Ассоциация тәрепинен өнерментлердиң жумысын буннан былай да раўажландырыў, олар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди сырт еллерге экспорт етиў мақсетинде Германия, Швейцария, Россия, Италия, Корея, Малайзия, Әзербайжан, Латвия, Финляндия, Ҳиндстан, Франция, Греция, Түркменистан, Иран, АҚШ, Украина, Түркия, Қытайда 113 көргизбе ҳәм ярмарка өткериў режелестирилди. Соннан бүгинги күнге 10 нан аслам мәмлекетте болып өткен халықаралық көргизбелерде 50 ден зыят өнермент қатнасып қайтты.

Пәрман қабыл етилемен дегенше, республикамызда 272 өнермент болған болса, бүгинги күнге келип олардың саны 921  жетти. Яғный қысқа ўақыттың ишинде олардың саны 649 ға көбейген.  Мәнзилли бағдарламаға киргизилген 173  өнерментке 4502,0 миллион сум жеңилликли кредит алып бериў нәзерде тутылған болса, соннан усы жылдың ноябрь айына шекем 57 өнермент  1 миллиард 450,9 миллион сум кредит пенен тәмийинленди. Бағдарламадан тысқары, 260 өнертмент 7 миллиард 592,85  миллион сум жеңилликли кредит пенен тәмийинленди.  Нәтийжеде алынған жеңилликли кредитлер есабынан жәми 449 жаңа жумыс орны жаратылды. «Устаз-шәкирт» усылында 224 уста өнермент жумыс алып барып, оларға 574 шәкирт бириктирилген.

-Районымызда «Устаз-шәкирт» мектеби жаратылып, онда бес адам мийнет етпекте,-дейди Шоманай районынан өнермент Разалия Матрзаева. –Жақында және 10 шәкирт алмақшымыз. «Халқ банки»ниң районлық бөлиминен алынған 17 миллион сум жеңилликли кредит есабынан үскенелер алып келдик. Енди өнимлеримизди ишки базарларымызға сатыўдан тысқары, Қазақстанға экспорт етиўди режелестирип отырмыз.

Илаж қатнасыўшылары республикамыз өнерментлери тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси менен жақыннан танысты.

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.