Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди додалаў порталында «Республикалық мүлк ҳәм ҳәкимшилик-аймақлық структуралар мүлки (муниципал мүлк) объектлерин ақылға уғрас ҳәм нәтийжели басқарыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарарының жойбары орналастырылды.

Ҳүжжет тийкарында республикалық мүлк объектлери дизими тастыйықланыўы мүмкин.

 

Республикалық мүлк объектлериниң дизими

  1. Өзбекстан Республикасы аймағы шеңберинде жер (нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди), жер асты байлықлары, ишки суўлар, ҳаўа орталығы, өсимлик және ҳайўанат дүньясы.
  2. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар.
  3. Пүткил мәмлекет тарийхы ҳәм мәденияты ушын айрықша әҳмийетке ийе болған тарийхый, илимий, архитектуралық, көркем ҳәм мемориаллық қунлылыққа ийе болған республикалық әҳмийетке ийе материаллық мәдений мийрас объектлери.
  4. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң, мәмлекетлик мақсетли қорларының, Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қаржылары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықаралық резервлери.
  5. Пул айланысы бойынша хызмет көрсететуғын мәмлекетлик шөлкемлер, қымбат баҳалы қағазларды, орденлерди, медальларды ҳәм почта төлеми белгилерин ислеп шығыўды тәмийинлейтуғын кәрханалар ҳәм шөлкемлер.
  6. Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик резервлери.
  7. Пуқаралық қорғаныў ҳәм мобилизациялық мақсеттеги мүлклер.
  8. Мәмлекетлик ҳәкимият органларының оперативлик басқарыў ҳуқықы тикарындағы мүлки.
  9. Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң, Ишки ислер министрлигиниң ҳәм Айрықша жағдайлар министрлигиниң кәрханалары, мәкемелери ҳәм әскерий-техникалық мүлклери.
  10. Республикалық көлемдеги мәмлекетлик басқарыў органларының, сондай-ақ, олардың аймақлық структураларының оперативлик басқарыў ҳуқықы тийкарындағы мүлки.
  11. Республикалық көлемдеги бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тыс қорлары.
  12. Шөлкемлестириўшиси республикалық көлемдеги мәмлекетлик органлары болған мәмлекетлик унитар кәрханаларының оперативлик басқарыў тийкарындағы мүлклери.
  13. Мәмлекетлик мүлкти басқарыў тараўындағы жуўапкер мәмлекетлик басқарыў органына берилген хожалық жәмийетлери ҳәм ширкетлериниң устав қорларындағы мәмлекетлик үлеслери.
  14. Республикалық бюджет қаржылары ямаса мәмлекеттиң басқа қаржылары есабынан жаратылған интеллектуаллық хызмет нәтийжелери.
  15. Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери.
  16. Мәмлекетлик халық билимлендириў мәкемелери.
  17. Мәмлекетлик орта арнаўлы кәсип-өнер оқыў орынлары.
  18. Мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелери.
  19. Мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары, изертлеў институтлары, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының мүлклери.
  20. Санитариялық-эпидемиологиялық орайлары.
  21. Суд-медициналық экспертиза объектлери.
  22. Жазаны орынлаў мәкемелери ҳәм олардың кәрханалары.
  23. Улыўмалық пайдаланыўдағы автомобиль жоллары.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.