USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанда. Президент Нөкис халықаралық аэропортын көзден өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-ноябрь күни Нөкис қаласына келип, дәслеп Нөкис халықаралық аэропортында әмелге асырылған модернизациялаў жумысларын көзден өткерди.

Мәмлекет басшысының 2017-жыл январь айындағы сапары ўақтында берилген тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде бул жерде дерлик 80 миллиард сумлық жумыслар орынланған. Аэропорт имараты реконстукцияланып, терминал кеңейтилген, заманагөй түрде үскенеленген.

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис халықаралық аэропорты Қарақалпақстанды экономикалық жақтан раўажландырыў, бизнес байланысларын кеңейтиў, туристлер ағымын көбейтиўге хызмет етиўин атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги