Телеграмдағы «Водители Нукуса» топарының ағзалары қайырлы исти әмелге асырды, деп жазады Daryo.uz.

Хабарда жазылыўынша, Нөкис қаласында жасайтуғын жалғыз баслы кемпирдиң газ тәмийнатынан қарызы болған. Ол пенсиясынан 600 мың сумм қарызын төлеген. Солай болса да, газ қосып берилмеген. МОБ тәрепинен тармақтан үзип кетилген газ трубасын қайта жалғаў ушын ең кем айлық мийнет ҳақының еки есеси муғдарында (405 500 сум) төлем төлеў талап етилген.

Нөкисли шофёрлар кемпирдиң жалғыз өзи жасаўы ҳәм кем тәмийинленгенлигин есапқа алып, оған жәрдем бериўге қарар еткен. Олар пул жыйнап, төлегеннен соң, пенсионер кемпирдиң үйи газ тармағына қайта жалғанған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги