Миллий транспорт басқарыў гүўалықларын жаңа үлгидеги транспорт басқарыў гүўалықларына алмастырыў 2021-жылдың 1-январына шекем әпиўайыластырылған тәртипте әмелге асырылады.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Ташкент қалалық басқармасының хабар бериўинше, бунда Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен медициналық мағлыўматнама, транспорт басқарыўшысының имтихан қағазы, миллий транспорт басқарыў гүўалығын берген аймақлық жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының усыныснамасы, автомототранспорт қуралының 12 ай даўамында басқарылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилмейди.

Усынылыўы зәрүр болған ҳүжжетлер төмендегилерден ибарат:

– талапкер адамның шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжет (паспорт);

– транспорт басқарыў гүўалығы және оның талоны;

– ең кем айлық мийнет ҳақының 70 проценти муғдарында мәмлекетлик бажы төленгенлигин тастыйықлайтуғын төлем қағазы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.