Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-октябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳман менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиўдиң басында Тәжикстан Президентин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлады.

Өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлердиң нәтийжесинде еллеримиз бенен халықларымыз арасында көп әсирлик беккем дослық байланыслар, улыўма тарийх, руўхыйлық ҳәм мәдений қәдриятларға тийкарланған дәстүрий жақын ҳәм татыў қоңсышылық байланыслары беккемленип атырғаны терең қанаатланыўшылық пенен айырықша атап өтилди.

Өзбекистан ҳәм Тәжикстан арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў избе-из раўажланбақта, барлық дәрежедеги, соның ишинде, шегара алды аймақлар және исбилермен шеңберлер арасында сөйлесиў жеделлескени бақланбақта.

Быйылғы жылдың басынан товар алмасыўдың көлеми сезилерли дәрежеде өсти. Душанбе қаласында Өзбекистан кәрханаларының санаат ярмаркасы ҳәм еки елдиң жетекши компанияларының қатнасыўында бизнес-форумлар табыслы өткерилди.

Қоспа саўда үйлери ҳәм заманагөй өндирис кәрханалары шөлкемлестирилмекте. Еллеримиздиң пайтахтлары Ташкент ҳәм Душанбе қалалары арасында тиккелей авиақатнаўлар тикленди.

Мәдений байланыслар кеңеймекте – усы жыл май айында Тәжикстанда Өзбекистан мәденияты ҳәм көркем өнери күнлери өтерилди, октябрь айында елимизде де усындай илаж өткерилиўи режелестирилген.

Еллеримизди жақынластырыў ҳәм көп қырлы шерикликти беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған биргеликтеги жумыслар Өзбекистан ҳәм Тәжикстанның көп миллетли халықларының мәплерине хызмет етпекте, бул халықларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

Сөйлесиўде мәмлекетлеримиз арасында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалары, жоқары дәрежеде болып өтетуғын илажлардың режеси додаланды.

Сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў соңында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳманды тағы бир мәрте шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм тасқын табыслар, дос тәжик халқына тынышлық, татыўлық ҳәм абаданлық тиледи.

Өз гезегинде, Тәжикстан Президентиде Өзбекистан Президентине шын жүректен қутлықлағаны ҳәм жоқары итибары ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Тәреплер дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланысларын беккемлеў, еллеримиз ҳәм халықларымыз арасында кең көлемли өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да биргеликте раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.

ӨзА