Трибунаның хабар бериўинше, 28-октябрь күни жақын өтмиштиң белгили ҳүжимши ярым қорғаўшыларынан бири, «Барселона», «Атлетико», «Ливерпул» ҳәм Испания сайланды командасы қатарында хызмет көрсеткен мазмунлы ойынлары менен ықласбентлердиң алғысларына миясар болған футболшы, ҳәзирги күнде Ла Лига елшиси-Луис Гарсия Ташкентке келеди ҳәм өзбекстанлы жас былғары топ усталарына шеберлик сабақларын өтип береди.
Ла Лига ҳәм ПФЛ бирге ислесиўи шеңберинде шөлкемлестирилип атырған бул шеберлик сабақлары «Миллий» стадионында болып өтеди. Луис Гарсия жас футболшылар менен өз тәжирийбесин бөлиседи ҳәм көргизбели ойында майданға түсип, 2 команда қатарында бир таймнан топ тебеди.
Луис Гарсия сапары шеңберинде баспасөз әнжуманының өткерилиўи де нәзерде тутылған.
ӨзА