Өзбекстанның раўажланыўының бүгинги басқышында экономиканың жетекши тармақларын раўажландырыў менен бирге илим ҳәм сыртқы сиясат бойынша реформаларды буннан былай да тереңлестириўге қаратылған әмелий илажлар көрилмекте. Әне усындай ийгиликли мақсетлерди, саўаплы ислерди әмелге асырыў ушын болса нызамлы тийкарлар зәрүр болады. Усы мәниде, барлық тараўларда өткерилип атырған түпкиликли реформаларға сәйкес болған пуқта ҳәм толық нызамлар жаратылыўын дәўирдиң өзи талап етпекте.

2018-жыл 9-октябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир қатар әҳмийетли нызам жойбарлары көрип шығылған гезектеги мәжилисинде депутатлар додалаўларға әне усы критериялар тийкарында қатнас жасады. Бурынырақ барлық мәселелер сиясий партиялардың фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң мәжилислеринде додаланғанлығын атап өтиў керек.

Олий Мажлис төменги палатасының күн тәртибинен орын алған дәслепки мәселе – «Илим ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбары депутатлардың қызғын пикир таласларына себеп болды.

Атап өтилгениндей, биринши оқылыўда көрип шығылған бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы 2018-жыл 22-январьдағы Пәрманының 3-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Бүгинги күнде елимиздиң илимий потенциалын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экономиканы раўажландырыўда  илим ҳәм техниканың үлесин арттырыў, әмелге асырылатуғын илимий изертлеўлердиң сапасын және нәтийжелилигин арттырыў, илим, билимлендириў, өндирис арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў мәселеси ҳәр қашанғыдан да әҳмийетлирек болмақта. «Илим ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылыўының зәрүрлиги де әйне усыннан ибарат.

Нызам жойбары менен илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс тараўында мәмлекетлик басқарыўды әмелге асыратуғын уйымлардың ўәкилликлери, илимий хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў илажлары және мәмлекетлик илимий-техникалық экспертизасы, илимий ҳәм илимий-техникалық нәтийжелердиң илимий ҳәм илимий-техникалық дәрежесин, экономикалық нәтийжелилигин ҳәм әмелий әҳмийетин комплексли тәризде баҳалаў ҳәм мониторинг етиў белгиленбекте. Сондай-ақ, және бир әҳмийетли мәселе – илимий ҳәм илимий-техникалық жумысты қаржыландырыўдың тийкарғы принциплери, дәреклери ҳәм түрлери көрсетип өтилмекте.

Депутатлардың пикиринше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс ҳаққындағы ҳуқықый, финанслық, социаллық-экономикалық қатнасықлардың тәртипке салыныўын тәмийинлейди.

Соның менен бирге, илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс  тараўындағы қатнасықларды тәртипке салатуғын нормалардың бир пүтин ҳалға келтирилиўи илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс тараўында ҳуқықый орталықты жүзеге келтиреди және илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың барлық қатнасыўшыларының нәтийжели байланысларын тәмийинлеў имканиятын береди.

Қызғын додалаўлардан соң нызам жойбары биринши оқылыўда қабыл етилди.

Буннан соң депутаталар жаңа редакциядағы «Туризм ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шығыўға киристи.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекет экономикасының әҳмийетли тармақларынан бирине айланып атырған туризмди жедел раўажландырыў ушын ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм жетик болған ҳуқықый тийкар зәрүр. Буннан 19 жыл бурын қабыл етилген «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы бүгинги дәўир талабын орынлай алмай атырғаны бар гәп.

Биринши оқылыўда депутатлардың итибарына усынылған «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбары болса, депутатлардың атап өтиўинше, елимизде заманагөй, жоқары нәтийжели ҳәм бәсекиге шыдамлы туризм тармағын қәлиплестириў ушын ҳуқықый шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Нызам жойбарында елимизде ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыў ушын шөлкемлестириўшилик шараятлар жаратыў, туризм тараўындағы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыўдың турақлылығын, анықлығын ҳәм сәйкес келиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, туризм тараўы субъектлери жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын ҳуқықый механизмлерди қәлиплестириўдиң есабынан барлық дәрежедеги бюджетлерге туризмнен түсетуғын дәраматларды көбейтиў, нызамларымыздың туризм тараўындағы қатнасықларды тәртипке салатуғын халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер менен сәйкеслигин тәмийинлеўге қаратылған нормалар сәўлелендирилмекте.

Депутатлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи менен туризм жумысы субъектлериниң ҳуқықый жағдайы айқынластырылады, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының туризмди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў тараўындағы ўәкилликлери анық белгиленеди. Бул болса, өз гезегинде, аймақлардың туризм потенциалын буннан былай да беккемлеў, жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлегин арттырыўға алып келеди.

Сондай-ақ, депутатлар тәрепинен мәжилис күн тәртибине киргизилген, «Жазаны өтеў мәкемелеринен босатылған шахслар үстинен ишки ислер уйымларының ҳәкимшилик қадағалаўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы және «Өзбекстан Республикасының Консуллық уставына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарлары биринши оқылыўда көрип шығылды.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети