1518-октябрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде («Манеж» спорт комплексинде) спорттың гүрес түри бойынша 20022004-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилиўи режелестирилмекте.

Чемпиоанатқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан жәми 1000 ға шамалас жас палўанлар, тренерлер ҳәм төрешилер қатнасыўы күтилмекте.

Жас өспиримлер 18 салмақ категориясында гилемге түсип, 72  жеңимпаз анықланады.

Чемпионат – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-октябрьдеги  «Гүрес миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Бул бойынша мағлыўматлар берип барамыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы