8-октябрь күни Дағыстан пайтахты Махачкала қаласында жайласқан «Анжи-Арена» стадионында UFC абсолют чемпионы, Ҳабиб Нурмагомедты күтип алыў салтанаты болып өтти.

Чемпионды күтип алыўға 15 мыңға шамалас адамлар келди. Махачкала аэропортында Ҳабибти күтип алыўға «Дағыстан» қосық ҳәм аяқ-ойын ансамбли шықты. Буннан соң спортшының кортежи «Анжи-Арена»ға қарай жол алды. Спортшының қәўипсизлигин 200 ге шамалас полиция хызметлери тәмийинледи.

Стадионда сөзге шыққан Ҳабиб өз ықласбентлерине түни менен уйқыламастан оны қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

https://www.facebook.com/russiatv/videos/505587299850278/?t=0

– Мен өз халқымның, ана Дағыстанымның қоллап-қуўатлаўын ҳәр мәўритте сезип турдым. Кеш болыўына қарамастан усы жерге жыйналғаныңыз ушын сизлерден миннетдарман. Ҳәзир мен ушын бул жерден кетиў де орынсыз, – деди Нурмагомедов.

Мағлыўмат ушын, 6 октябрь күни Ҳабиб Лас-Вегаста болып өткен турнирде Коннор МакГрегордың үстинен тарийхый жеңиске ерискен еди. Бул жекпе-жек ҳәр қыйлы себеплерге бола бир неше мәрте қалдырылған еди. Жекпе-жек алдынан ҒХҚларда көплеген провокациялық хабарлар пайда болған ҳәм Ҳабиб оларға жуўап берместен – ҳәммеси 6-октябрь күни октагонда шешилетуғынлығын билдирген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.