Бурын хабар етилгениндей, Аргентинаның пайтахты Буэнос-Айрес қаласында  III – жас өспиримлер олимпиада ойынлары  даўам етпекте.

Жарыста Өзбекстан спорт делегациясы қурамында қатнасып атырған Қарақалпақстанлы дзюдошы спортшы қызымыз Нилуфар Ермағамбетова Ўатанымыздың абырайын қорғап, табыслы қатнаспақта.

8-октябрь күни бул спортшымыз  жеңимпазлар қатарынан орын алды. Жерлесимиз 52кг салмақ категориясында гилемге түсип, дәслепки беллесиўинде панамалы қарсыласы үстинен жеңиске еристи.  Ярым финальда болса монголиялы спортшы менен гилемге түсип,  имканияттан нәтийжели пайдалана алмады. Солай етип, қола медалы ушын болған беллесиўлерде Нилуфар Пуэрто-Рикалы спортшы Сеири Колонниды жеңилиске ушыратып, жеңимпазлар қатарынан орын алды.

Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги хабар бермекте.

Мағлыўмат орнында соны да келтирип өтпекшимиз, Нилуфар Ермағамбетова 2001-жыл 22-март күни Нөкис қаласында туўылған. Бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы, усы жыл февраль айында Италияда өткерилген Европа ашық кубогинде, март айында Турцияда өткерилген  Европа ашық кубогинде екинши орынды ийеледи.

Бүгинги күнде Н.Ермағамбетова Нөкис спорт колледжинде оқып, билим алмақта.

Жерлесимзди Олимпиада ойынында қолға киргизген  қола медалы менен қутлықлаймыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы