Усы жыл 618-октябрь күнлери аралығында Аргентинаның пайтахты Буэнос-Айрес қаласында III– жас өспиримлер олимпиада ойынлары басланды.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги хабар бермекте.

7-октябрь күни Олимпиада ойынларының ашылыў мәресими Буэнос-Айрес қаласындағы белгили «Obelisco» спорт майданшасында өткерилди.

Олимпиада ойынларына 206  мәмлекеттен 15-18-жасқа шекемги 3926 спортшы қатнасады.

Жарыста Өзбекстан спорт делегациясы қурамында Қарақалпақстаннан спорттың жүзиў түринен Бийбигүл Меңлибаева спорттың дзюдо түринен Нилюфар Ермағамбетовалар Ўатанымыздың абырайын қорғамақта.

Мағлыўмат орнында соны  да келтирип өтпекшимиз, жарыста спорттың 16 түринен 37 спортшы Өзбекстанның абырайын қорғайды. Бул елимиз ушын жас өспиримлер олимпиадасындағы рекорд көрсеткиш болып есапланады.

Ойынлар бағдарламасына брейк-данс, каратэ, шоққыға шығыў, ролликли спорт, суў гандболы ҳәм футзал биринши мәрте киргизилген.

Спорт ойынлары ҳаққында мағлыўматлар берип барамыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы