Усы жыл 5-октябрь күни пайтахтымыздағы «Туран» стадионында республикамыз көлеминде өткерилип атырған  «Жаслар спорт ҳәптелиги» шеңберинде және бир илаж әмелге асырылды.

Стадион майданына 3000 нан аслам оқыўшы жаслар жыйналып, биргеликте азанғы денетәрбия шынығыўларын өткерди.

Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси ҳәм Кәсип-өнер билимлендириўи басқармасы тәрепинен әмелге асырылған бул илажда пайтахтымыздағы барлық билимлендириў мәкемелериниң басшылары менен муғаллимлери де белсене қатнасты.

Республикамыздағы спорт ҳәптелиги күннен-күнге спорт пенен шуғылланатуғын адамлар санының көбейиўине тийкар жаратпақта.

Ҳәптелик шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.