Усы жыл 28-сентябрь ҳәм 2-октябрь күнлери аралығында белгили спорт шебери, республикамызда бокс спортының тырнағын қалаған инсан Мақсуд Гиноятовтың естелигине  спорттың  бокс түри  бойынша халық аралық турнир өткерилди.

Турнирге Өзбекстанның бир қатар ўәлаятларынан, қоңсылас Қазақстан Республикасынан (2 команда) ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан (2 команда) жәми 11 команда қурамында 200 ден аслам спортшы қатнасты.

Жарыс тийкарынан 2001-2002, 2003-2004, 2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында өткерилип, ҳәр бир жас өзгешелиги бойынша онлаған салмақ категориясы бойынша күш сынасты.

Бир неше күн даўам еткен жарыс күшли қарама-қарсылықлар астында өтип, бокс ышқыпазлары бир-биринен әжайып жекпе-жеклердиң гүўасы болды.

Жарыс жуўмағында 2001-2002-жыллары туўылғанлар арасында Нөкис қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернаты боксшыларынан: Н.Ҳүрметуллаев (46кг), Р.Атамуратов (56кг) ҳәм Ш.Қәдирбаевлар (69кг), сондай-ақ, хорезмли У.Қадамбаев (60кг) пенен Н.Камиловлар (64кг) турнир жеңимпазы болды. 2003-2004-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасынан 42кг салмақта М.Данияров пенен 44кг салмақта С.Аминов, 63кг салмақта М.Дәўлетбаев, Хорезм ўәлаятынан 46кг салмақ бойынша Л.Юлдашев ҳәм 60кг салмақта Д.Наўрузовлар, Ташкент ўәлаятынан И.Қаҳҳаров (48кг), Қазақстан Республикасынан келген Б.Акбар (52кг) ҳәм наманганлы М.Тажиаҳмедовлар (66кг) қарсыласларынан  үстин келип, жеңимпазлықты қолға киргизди. Жарыстың ең киши қатнасыўшылары болған 2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Ташкент ўәлаятынан 34кг салмақта Д.Парпиев пенен 36кг салмақта А.Қасимов, Қарақалпақстан Республикасынан 38кг салмақ бойынша И.Оразбаев, 40кг салмақта Б.Сабуров, 42кг салмақта Б.Исмайлов, 48кг салмақта категориясында Е.Кеңесбаев, 52кг салмақта  Н.Бийсенбаев пенен 63кг салмақта А.Кеңесбаев, сондай-ақ, 44кг салмақта хорезмли У.Шамуратовлар  жеңиске еристи.

Жарыста улыўма командалық есапта Қарақалпақстан Республикасы жеңимпазлықты қолға киргизген болса, республикамыздың және бир – Нөкис қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатының командасы 2-орынды ийеледи. Ал, Хорезм ўәлаятының командасы үшинши орын жеңимпазы деп табылды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери Қурал Кеңесбаев тәрепинен түсирилген.)