Бүгин – 4-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Жаслар спорт ҳәптелиги» шеңбериндеги илажлар саат азанғы 7:00 де студентлер турақ жайындағы жаслардың физикалық шынығыўлары менен басланды.
Физикалық шынығыўларға студентлер турақ жайындағы 400 ден аслам студентлер қатнасты. Институттың дене мәденияты факультети профессор-оқытыўшылары басшылығында спорт майданшалары ҳәм залларында шынығыўлар өткерилди.
Сондай-ақ, институт факультетлериндеги барлық академиялық топарларда 8:30 дан 8:35 ке шекем жеңил физикалық шынығыўлар алып барылды.
Институтта тастыйықланған «Жаслар спорт ҳәптелиги»н өткериў бойынша жобаға муўапық, күнниң екинши ярымында барлық факультетлерде студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ, техник хызметкерлер арасында спорт жарыслары және саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша ҳәр қыйлы ушырасыўлар, пикир алмасыўлар және акциялар өткерилиўи жобаластырылған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.