Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда Президенттиң 2017-жыл 22-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси жойбарының кең жәмийетшилик арасындағы  додаланыўы нәтийжелерин таллаўға бағышланған мәселе көрип шығылды.

Ҳәммемизге белгили, Орайлық сайлаў комиссиясы, Олий Мажлис палаталары, илимпазлардан ҳәм экспертлерден ибарат жумысшы топар Сайлаў кодексиниң жойбарын ислеп  шықты. Сайлаў кодексиниң жойбары Өзбекстан Республикасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында өзбек ҳәм рус тиллеринде жайластырылды.

4.jpg

5.jpg

Сайлаў кодекси жойбарының мазмун-мәниси район ҳәм қалалардағы мәҳәллелер, мийнет жәмәәтлери ҳәм оқыў орынларында кең жәмийетшилик ҳәм сиясий партиялардың ўәкиллери, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссияларының ағзалары, депутатлардың қатнасыўында қызғын додаланбақта. Ҳәзирге шекем жойбарды додалаўға бағышлап аймақларда жәми 278 илаж өткерилген болып, онда халық тәрепинен 436 усыныс билдирилген. Усыныслар тийкарынан даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесслери, жергиликли Кеңеслерге сайлаўлардың өзгешиликлери, сиясий партиялардың ўәкиллиги, ҒХҚ ўәкиллериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша болды.

2018-жылдың 6-7-сентябрь күнлери Сайлаў кодексиниң жойбары бойынша тийисли мәмлекетлик уйымлардың ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери менен пикир алысыў мақсетинде Европада қәўипсизлик ҳәм  бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы ҳәм Венеция комиссиясы делегациясының Өзбекстан Республикасына сапары болып өтти. Делегация тәрепинен Өзбекстанда Сайлаў кодексиниң жойбарын таярлаў ҳәм кейинги сайлаўларда сайлаўшылардың электрон дизими әмел етиўиниң енгизилип атырғаны унамлы баҳаланды.

Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Сурхандәрья, Наўайы, Сырдәрья, Наманган ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында болып өткен мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымлары депутатларының бирликтеги мәжилисинде босап қалған орынларға сайланған Олий Мажлис Сенатының жаңа ағзаларына Сенат ағзалығы гүўалығы ҳәм көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.

– Сондай мақтанышлы лаўазымға сайланғанымыз үлкен жуўапкершилик жүклейди,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Мавлуда Имомова. -2006-жылдан берли Наманган ўәлаяты Чуст районындағы «Давронбек Ғайбулла» фермер хожалығының басшысыман. Сондай-ақ, аймағымыздағы «Баймақ» мәкан пуқаралар жыйынында ҳаял-қызлар менен ислесиўге жуўапкермен. Пахта, ғәлле, шарўа, балықшылыққа ҳәм пал ҳәррешиликке  қәнигелескен   60 гектарлық фермер хожалығымызда 27 жумысшы мийнет етеди. Соңғы жыллары елимиздиң аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар себепли тараў мийнеткешлерине итибар және де артты. Жумысымыз күн сайын раўажланбақта. Соны есапқа алған ҳалда, келешекте маған билдирилген исенимди ақлаўға, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға ҳәрекет етемен.

7.jpg

9.jpg

10.jpg

14.jpg

15.jpg

ӨзА