Ташкент қаласы Сергели районы ишки ислер басқармасы подполковниги Шуҳрат Бобониёзов лотереядан утып алған 10 миллион  сумды Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына саўға етти. Бул ҳаққында Ташкент қаласы ИИББ баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда айтылыўынша, ИИБ хызметкери лотерея билетин сатып алған ўақтында ақша утып алса барлық ақшаларын Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына саўға ететуғынын айтқанда шериклери оған исенбеген. Бирақ 10 миллион сум утып алғаннан соң, басқа кәсиплеслери де оған қосылып, Юнусобод районындағы 23-Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына түрли саўғалар алған.

Интернет материаллары тийкарында таярлаған:

Нурлыбек ЖАМАЛОВ