Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-июльдеги «Республика экономика тармақларын ҳәм социаллық тараў объектлерин 20182019-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге үзликсиз ислеўге комплексли таярлаў ҳаққында»ғы ПП-3849-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы мазмундағы 13-июль күнги 442-санлы қарарында көрсетилген талаплардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

– «Қарақалпақстангаз» филиалында газ тармақларын ҳәм газ үскенелерин мәўсимге таярлаўда белгиленген режели жумыслар өз ўақтында, сапалы орынланып, тәбийғый газ тутыныўшыларын үзликсиз түрде тәбийғый ҳәм суйытылған газ бенен тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды,-дейди усы филиалдың баслығы Х.Айманов. – «Өзтрансгаз» акционерлик жәмийетиниң усы жыл 20-июль күнги буйрығы тийкарында «Қарақалпақстангаз» филиалының режеси ислеп шығылып, республикамыздағы экономика тармақларын ҳәм социаллық объектлерди 2018-2019-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде үзликсиз ислеўге таярлаў бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы күнге шекем республикамыздағы 1,2 километрлик газ тармақларына ири оңлаў, 12,6 километрлик газ тармақларына реконструкциялаў жумыслары исленди.

4466 газ бөлистириў үскенелери (ГРП) тексериўден өткерилип, 548,3 километрлик газ тармақларын ҳаўа басымы астында сынаў ҳәм тазалаў жумыслары алып барылды. 693,0 километрлик жер асты газ тармақларын арнаўлы үскенелер менен тексериў жумыслары алып барылып, 129,1 километрлик газ тармақларына бояў жумыслары әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 15-16-декабрь күнлери республикамызға сапары даўамында республикамыз халқын суйытылған газ бенен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде 2018-жылда 16 мың 400 дана газ баллонларын ажыратыў тапсырмасы берилген еди. Бүгинги күнде соннан 7900 данасы алып келинип жеке хожалықларға шәртнама тийкарында тарқатылмақта. Қалған 8500 дана газ баллонлары «Өзбекнефтгаз» АЖ тәрепинен тастыйықланған график тийкарында жыл ақырына шекем алып келинеди.

Сондай-ақ, республикамыз бойынша жеке хожалықларды суйытылған газ бенен үзликсиз түрде тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде «Қарақалпақстангаз» филиалына қараслы газ толтырыў станциясы ҳәм газ толтырыў пунктлериниң күнлик газ толтырыў қуўатлылығын арттырыў ушын бүгинги күнде жәми 20 заманагөй электрон тәрезилер (колонкалар) сатып алынды ҳәм олар Нөкис газ толтырыў станциясы, Әмиўдәрья, Беруний газ толтырыў пунктлерине орнатылды.

Ҳәзирги күнде «Қарақалпақстангаз» филиалына қараслы барлық газ участкаларында газ тармақларын ҳәм газ үскенелерин 2018-2019-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жумысларын өз ўақтында жуўмақлаў ушын  арнаўлы техникалар ҳәм материаллар менен тәмийинлеў, тутыныўшыларды қәўипсиз және тәбийғый ҳәм суйытылған газ бенен үзликсиз түрде тәмийинлеў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.